🎉 HACKATHON ТАҢЛАЎЫ ТАБЫСЛЫ ЖУЎМАҚЛАДЫ! 🚀
2025-07-24 07:15:00 / Jańalıqlar

➤ 23 - июль күни аймағымызда технология ықласбентлери ушын әҳмиетли ўақыя -“HACKATHON” таңлаўы табыслы өткерилди! Бул таңлаў "Жаслар ислери агентлиги" ниң жәрдеминде шөлкемлестирилип, заманагөй технологияларды үйрениўге болған қызығыўшылықты арттырыў, жасларды инновациялық жойбарларға тартыў мақсетинде өткерилди.
🏆 Таңлаў жеңимпазлары төмендегише:
➤ 1-орын: "IT ProLab" командасы
➤️ 2-орын: "GreenIQ" командасы
➤3-орын: "Finzo" командасы
🎁 Жеңимпазларға естелик саўғалары ҳәм дипломлар тапсырылды!
➤ Таңлаў процесинде жаслар өз билим ҳәм көнликпелерин әмелиятта қолланып, заманагөй машқалаларға технологиялық шешимлер тапты. Бул болса олардың келешекте IT тараўында үлкен жетискенликлерге ерисиўине тийкар жаратады.
🚀 Илаж соңында барлық қатнасыўшыларға сертификатлар, белсенди топарларға болса хошаметлеўши саўғалар тапсырылды.




