"Жаслар мәсләҳәт топары" ағзалары қатнасында мәжилис өткерилди.
2025-07-19 10:50:00 / Jańalıqlar

«Жаслар мәсләҳәт топары» ағзалары қатнасында өткерилетуғын илажлар Режеси тийкарында Қараөзек районы ҳәкимлигинде мәжилис болып өтти.
Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы Ш. Өтемисов, Республикалық ҳәм районлық сиясий партия баслықлары, районлық Кеңеси депутатлары, Кеңес жанындағы «Жаслар мәсләҳәт топары» ағзалары қатнасты.
Мәжилисте шығып сөйлеўшилер "Өзбекстан - 2030" стратегиясында көрсетип өтилген мақсетлер, аймақты социал-экономикалық раўажландырыўда ҳәм парламентте кѳрип шығылыўы белгиленген ҳәр қандай нызамға ѳз усынысын бериў, Кеңес жумысын жаңа басқышта қайта кѳрип шығыўы атап ѳтилди.
Қараөзек районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети.


