Районда "Мәртлик мектеби" шөлкемлестирилмекте.
2025-07-17 10:25:00 / Jańalıqlar

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 15-ноябрьдеги тийисли қарары менен Мәртлик мектеплери ҳәр бир районда шөлкемлестирилип, 2025-жылдың сентябрь айынан оқыў басланыўы режелестирилген.
Қарар тийкарында Мәртлик мектеби Қараөзек районында 28-санлы мектеп негизинде шөлкемлестирилмекте.
Бүгин райондағы 28-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде "Мәртлик мектеби" не 2-басқыш физикалық таярлық сынақ шынығыўлары болып өтпекте.
Усы жылдың 10-июль сәнесинде Нөкис қаласында ана тили ҳәм математика пәнлеринен 1-басқыш тест сынақлары болып өтти ҳәм тест сынақларына 126 оқыўшы қатнасты.
"Мәртлик мектеби" не 4-класты тамамлаған 26 оқыўшы, 5-класс ушын тест сынақлары ҳәм физикалық таярлық сынақ шынығыўлары нәтийжелери жуўмағы менен қабыл етиледи.
Мағлыўмат ушын:Мектепке қабылланған оқыўшылар оқыў жылы даўамында еки мәрте әскерий полигонларда, ҳәр шеректе бир мәрте әскерий бөлимлерде әмелий шынығыўлар алып барады ҳәм 9-класты тамамлаған оқыўшыларға таяныш орта билим бериў ҳаққындағы гүўалық, 11-класты тамамлаған оқыўшыларға улыўма орта билим бериў ҳаққындағы гүўалық бериледи.
Сондай-ақ, "Мәртлик мектеплери" н тамамлаған оқыўшыларға төмендеги жеңилликлер бериледи:
Үлгили баҳалар менен тамамлаған ҳәмде «Ўатан таянышы» отрядының ағзасы болған бир оқыўшыға Қорғаныў министрлиги тәрепинен жоқары әскерий ҳәм әскерийлестирилген ҳәмде юридикалық билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын жеңиллетилген усыныс бериледи.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.




