Үй алды қыйтақ жеринен 50 млн сап дәрәмат.
2025-07-07 09:25:00 / Jańalıqlar

Кейинги жыллары жумыссыз пуқараларымыздың көпшилиги үй алды қыйтақ жеринен үнемли пайдаланып, бул бағдарда үлкен нәтийжелерди қолға киргизип, жоқары өним ҳәм дәрамат алған инсанлардың тәжирийбесин үйренип, қыйтақ жерлерине базарға өтимли егинлерди егип, шаңарақларына ықшам ыссыханалар қурып, тамшылатып суўғарыў технологиясынан пайдаланып киятыр.
Райондағы “Ак. С. Камалов” АПЖ турғыны Полат Төлегенов ҳәр жылы тамшылатып суўғарыў технологиясынан пайдаланып, 34 сотых майданға помидор, қыяр, капуста, кортошка, пияз ҳәм тағы басқада азық-аўқатлық өнимлерди жетистириўди жолға қойды.
Бул техологияның абзаллықлары бириншиден суў ысырап болмайды ҳәм тамшылатып суўғарыў арқалы егинлердиң азығын суў арқалы бериў нәтийжесинде еки есеге шекем өним алып, ҳәр жылы шаңарағымызға 50 млн нан аслам сап дәрәмат алыў мүмкиншилиги бар-дейди биз бенен сәўбетте П. Төлегенов.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.



