Депутатлық_қадағалаў.
2025-06-26 10:30:00 / Jańalıqlar

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты, Өзбекстан ХДП фракциясы ағзасы С. Имамова Жаслар парламенти ағзасы Х.Утемартова, Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиндеги партия топары ағзалары ҳәм партия жуўапкерлери менен биргеликте, райондағы 19-санлы Мәмлекетлик Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине барып, ол жерде балаларға жаратылған шараятлар менен танысты ҳәм тәрбияшылар менен сәўбетлести.
Буннан соң, Қараөзек районы ҳәкимлигинде район ҳәкиминиң орынбасарлары, райондағы Кадастр агентлиги, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бөлими, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими ҳәм басқа да жуўапкер шөлкем ўәкиллери менен сәўбетлести.
Иләжда «Өз басымшалық пенен ийеленген жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имаратларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында" ғы нызамның орынланыўы, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде егилген тереклердиң бүгинги күндеги жағдайы ҳәм қурылыс обьектлеринде нызамсыз (рәсмий) түрде мийнет етип атырған пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм мийнет қәўипсизлиги мәселелери бойынша түсиник берип өтти. Сондай-ақ, усы күни "Жаслар дәптери" не киргизилген Айтбай Бегдуллаевтың егислик жер майданына барып, жумыслары менен танысты.
А. Бегдуллаев жерлерден нәтийжели пайдаланып, фермер тәрепинен мийўели бағ, палыз егинлери ҳәм басқа да овощлар егип, 10 жастың бәнтлиги тәмийинленген. Бундай әмелий илажлар аймақларда даўам етпекте.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.




