Мектеп питкериўшилерине алтын ҳәм гүмис медаллар тапсырылды.
2025-06-24 11:25:00 / Jańalıqlar

Оқыўшыларға медаль тапсырыў салтанатында район ҳәкиминиң орынбасары И. Қосыбаев питкериўши жасларды ерискен жетискенликлери менен қутлықлап, келешектеги алға қойған мақсетлерине жетисе бериўине тилек билдирди ҳәм олардың ата-аналарына, устазларына миннетдаршылық билдирди.
Илажда улыўма орта билим бериў мектеплерин айрықша баҳаларға тамамлаған ҳәм пән олимпиада басқышларына белсене қатнасқан оқыўшыларға алтын ҳәм гүмис медаллары, олардың ата-аналарына ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.
Мағлыўмат ушын: 2024-2025-оқыў жылында районда жәми 420 оқыўшы улыўма билим бериў мектеплерин табыслы питкерип атырған болса, 14 питкериўши алтын медаль ҳәм 9 питкериўши гүмис медаль менен мектепти тамамлаған.



