Депутатлар Қаратаў массивиндеги кәрханалардың жумыслары менен танысты.
2025-05-29 18:40:00 / Jańalıqlar

Қараөзек районы "Қаратаў" массивинде жайласқан «Тебинбулақ» инвестиция жойбары ушын 467 гектар жер орыны ажыратылған болып, жойбарды әмелге асырыў ушын шет ел инвестициясы 1250 млн долларды қурайды.
Бүгинги күнде “Triangul Metals Tebinbulak” ЖШЖ тәрепинен ири қурылыс жумыслары әмелге асырылмақта.
Бул жойбар иске түсирилсе басқышпа-басқыш жылына 3,6 млн тонна туўрыдан-туўры тикленген темир ислеп шығарыў жолға қойылады.
Темир руда кәнин ислеп шығарыў ҳәмде металлургия комплексиниң 1-басқыш жойбарының әмелге асырылыўы менен 1000 жаӊа жумыс орынларының жаратылыўы белгиленген.
Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊесиниң депутаты Н.Тлеўмуратов, район ҳәкими орынбасары Ғ. Аметов ҳәм нураныйлар сол кәрханада болып, ҳәзирги ўақытта әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысып қайтты.
