Қараөзек районында Президент пәрманларының орынланыўы тәмийинленбекте.
2025-05-22 13:25:00 / Jańalıqlar

Ҳүрметли Президентимиздиң 2023-жыл 16-февральдағы 57-санлы қарары тийкарында социаллық ҳәм үй-жай коммунал хызмет көрсетиў тараўында, пуқаралардың турақ-жайларында қуяш панеллери қайта тиклениўши энергия дереклерин орнатыў жумыслары алып барылмақта.
Бүгинги күнге Қараөзек районы бойынша жәми 49 социаллық ҳәм мәмлекетлик уйымлар объектлерине 412,0 кВт қуяш панеллери, 33 исбилерменлик субъектлери объектлерине 170,0 кВт қуяш панели ҳәмде 207 жеке хожалық үйлерине 684,0 кВт қуяш панеллери орнатылған.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-4840-санлы "Тәбийғый газ қадағалаўы ҳәм есабының автоматластырылған системасын енгизиў" жойбарын әмелге асырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққындағы қарары ҳәм ПП-6010-санлы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, район прокуратурасы тәрепинен үйрениў жумыслары да алып барылмақта.
