Бүгин райондағы «Бердақ» аўыл пуқаралар жыйыны баслығын сайлаўы болып өтти.
2025-05-08 10:50:00 / Jańalıqlar

Сайлаў нәтийжесинде, қатнасқан сайлаўшылардың қоллап-қуўатлаўы менен көп даўыс топлаған талабан, Оңғарбай Якупов жеңимпаз деп табылып, «Бердақ» АПЖ ның баслығы лаўазымына тайынланды.
О. Якупов усы күнге шекем «Қарақалпақ суў таминаты» Қараөзек районы филиалы баслығы лаўазымында жумыс ислеп келди.
