Анвар Баймуратов райондағы фронт артында мийнет еткен нураный аналарымызға юбилей медальлары менен ақшалай сыйлықларын салтанатлы түрде тапсырды.
2025-05-07 10:30:00 / Jańalıqlar

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 9-май – «Еслеў ҳәм қәдирлеў» күнин мүнәсип өткериў, Екинши жер жүзилик урыстағы жеңистиң 80 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаў жолында мәртлерше гүрескен пуқараларды улығлаў мақсетинде қабыл етилген қарары тийкарында, Қараөзек районы ҳәкими Анвар Баймуратов райондағы фронт артында мийнет еткен нураный аналарымызға юбилей медальлары менен ақшалай сыйлықларын салтанатлы түрде тапсырды.
Бундай итибар-кешегин умытпаған, ертеңин қәдирлеген халқымыздың жоқары мәнаўиятының айқын көриниси болып есапланады.
