Имканияты шекленген пуқараларымыз арасында спорт жарысы шөлкемлестирилди.
2025-04-25 18:35:00 / Jańalıqlar

Арамызда сондай инсанлар бар, имканияты шекленген болыўына қарамастан өзинде күш-ғайрат топлап, бар билимин, қәлбиндеги жасаўға болған умтылысын сөндирмей тынымсыз изленип, спорт пенен турақлы шуғылланып жәмиетте өз орынларын таўып үлгерген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 8-ноябрьдеги "Майыплығы болған шахсларды спортқа тартыў арқалы физикалық реабилитациялаўды жеделлестириў ҳаққында"ғы 389-санлы қарары усындай пуқараларымыз ушын үлкен имканият болды.
Қарарға тийкар, Қараөзек районы ҳәкимлиги, "Инсан" социаллық хызметлер орайы, спорт мектеби, Жаслар ислери агентлиги тәрепинен "Бес баслама" олимпиадасы шеңберинде пара спорт жарыслары шөлкемлестирилди.
Жарыста район аймағындағы мәҳәллелерден 348 майыплығы болған пуқара, 200 ден асламы пара спорттың 4 түри бойынша өз-ара беллести. Бул спорт жарыслары спорчыларымызда саламат турмыс тәризин қәлиплестириў менен бирге, жәмиеттеги белсендиликти арттырыўда да әҳмиетли қәдем болып есапланады. Жарыс жуўмағында спорт ойынларының жеңимпазларына район ҳәкимлиги, қәўендер шөлкемлер тәрепинен баҳалы саўғалар ҳәм ҳүрмет жарлықлары салтанатлы түрде тапсырылды. Жеңимпазлар спорттың кейинги басқышына жоллама алды.
