Мектеплерге "Замин" қоры тәрепинен суўды фильтрлейтуғын үскене қурып берилди.
2025-04-25 13:35:00 / Jańalıqlar

"Таза ишимлик суўы" жойбарын әмелге асырыў шеңберинде "Замин" қорының қәўендерлигинде Қараөзек районындағы төрт мектепке суўды фильтрлейтуғын үскенелер қурып берилди.
Бүгин райондағы 28-санлы улыўма билим бериў мектебинде Өзбекстан Республикасы суў тәмийнаты басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигинен тийисли қәнигелер келип, билимлендириў мәкемелеринде орнатылған заманагөй суў тазалаў системаларын көзден өткерди ҳәм оқыў семинарын шөлкемлестирди.
Семинарда мектеплердеги тийисли тараў басшыларына үскенелерден мақсетли пайдаланыў, санитария ҳәм гигиена қағыйдалары бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды.
Қатнасыўшылар келешегимиз болған жасларды тәрбиялаўда денсаўлығына пайдалы тазалған ишимлик суўын фильтрлеў үскенелерин орнатып берип атырған Замин фондына ҳәм басшыларымызға миннетдаршылық билдирди.
Қараөзек районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети.
