Аўыр аймақлардағы жетилиги менен ушырасыў өткерилди.
2025-04-24 14:15:00 / Jańalıqlar

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 23-сентябрь күнги "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги ис-илажлар ҳаққында"ғы ПҚ-330-санлы қарарына тийкар, Қараөзек районынан "Ең аўыр мәҳәлле" деп табылған 5 мәҳәлле таңлап алынды.
Бүгинги күнде бул аймақларда қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.
Бүгин районымызға бириктирилген ўәкил Өзбекстан Республикасы Инвестиция, санаат ҳәм саўда министри Л.Қудратов, район ҳәкими А.Баймуратовлар аўыр аймақтағы мәҳәлле жетекшилери менен ушырасты ҳәм халықты қыйнап киятырған машқалалар бойынша қатнасыўшылардың пикир-усынысларын тыңлады.
Буннан соң, ең аўыр аймақлар есапланған Қараөзек, Қуралпа, С.Камалов ҳәм Қойбақ мәҳәллелеринде болып, халықтың машқалаларын үйренди ҳәм ислениўи керек болған ўазыйпалар белгилеп алынды.
Бүгинги күнде районда бул бағдарламаның орынланыўы да избе-излик пенен әмелге асырылмақта.
