Жеңимпаз мектеплер миллионлық ваучерлер менен сыйлықланды!
2025-04-23 11:05:00 / Jańalıqlar

Ҳүрметли Президентимиздиң 2021-жыл 19-майдағы "Өзбекстан Республикасында шет тиллерин үйрениўди ғалаба ен жайдырыўды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў ис-илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-5117-санлы қарарына тийкар, Президент саўғасы ушын "Шет тиллерин оқытыў бойынша ең жақсы мектеп" таңлаўының Қараөзек районлық басқышы усы жылдың 27-март күни болып өткен еди.
Таңлаўда 33 мектептен ҳәр биринен 5 еўден қәбилетли оқыўшылардан дүзилген командалар қатнасып, 165 оқыўшының билимин сынақтан өткерди.
Бүгин район ҳәкими А. Баймуратов таңлаўдың районлық басқышында белсене қатнасқаны ушын 13-санлы, 8-санлы ҳәм 24-санлы мектеплердиң белсенди оқыўшылары ҳәм олардың устазларына район ҳәкимлигиниң ҳүрмет жарлықларын тапсырып, миннетдаршылық билдирди.
Сондай-ақ, таңлаў жуўмағында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 3 мектеп жеңимпаз деп табылды. Олардан И орынды 28-санлы мектеп, ИИ орынды 25-санлы мектеп ҳәм ИИИ орынды 1-санлы мектеп иеледи.
Раён ҳәкими жеңимпазларымызды қолға киргизген табыслары менен қызғын қутлықлап, 100 млн, 75 млн ҳәм 50 млн сумлық ваучер ҳәм дипломлар менен сыйлықлады ҳәм таңлаўдың Республикалық басқышына жоллама алған биринши орын иеси 28-санлы мектеп командасына табыслар тиледи.
