Район ҳәкиминиң гезектеги көшпели қабыллаўы «Ата мәкан» да болды.
2025-04-22 13:40:00 / Jańalıqlar

Бүгин Қараөзек районы ҳәкими А. Баймуратов түрли мәселелер бойынша район ҳәкими атына мүрәжат еткен пуқараларды қабыллады ҳәм пуқаралар ҳәким менен жүзбе-жүз ушырасып, өз дәрти ҳәм тәшўишлерин шешиў бойынша жәрдем сорады.
Раён ҳәкими олардың ҳәр бирин толық тыңлап, мүрәжетлерин шешиў бойынша тийисли илажлар белгиледи.
-Мен Г. Байжанов “Ата мәкан” мәҳәллеси «Бердақ» көшесинен көше жас үлкенлери менен ҳәким қабыллаўына келдик. Үй алды қыйтақ жерлеримизди суўғарыў ҳәр жылы қыйыншылық туўдырып киятырған еди, ҳәзир көшемизде 35 хожалық турамыз жерлеримизди суўғарыў ушын район ҳәкиминиң қабыллаўында суў насосын сорадық ҳәм машқаламыз соль орында шешилди.
Сондай-ақ, усы аймақтан Ч. Абдиров көшеси турғыны М. Аметов жөнелисли таксилердиң қатнаўы ушын көшеге ШБС төсеп бериў бойынша әмелий жәрдем сорадық ҳәм бул мүрәжатымызда өз шешимин тапты.
Бүгинги қабыллаўдан оғада миннетдармыз, ҳәкимимиздиң итибарынан ҳәмме қуўанышлы,-дейди мүрәжатшылар өз сөзлеринде.
Сондай-ақ, қабыллаўда пуқаралардың турақ жай, кадастр, қурылыс, кредит, материаллық жәрдем алыў, исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын жер ажыратып бериў, жаслар ислери ҳәм ҳуқықый темалардағы мүрәжатлары үйренилип, шешими бойынша жуўапкер уйымлардың басшыларына тапсырмалар берилди.
