Японияның "Sojitz Corporation" компаниясы ўәкиллери менен бирге ислесиў бағдарлары бойынша пикир алысылды.
2025-07-07 08:20:00 / Jańalıqlar

Ушырасыўда "Sojitz Corporation" компаниясының Енергетика ҳәм денсаўлықты сақлаў департаменти бас директорының орынбасары Ясиҳуде Мачида, Авиция, транспорт ҳәм социаллық инфраструктура департаменти бас директорының орынбасары Канеҳиса Нанго және Економика ҳәм қаржы министриниң орынбасарлары Илҳомжон Умрзаков, Отабек Фазилкаримов, Умид Абидхаджаев ҳәм басқа да жуўапкер ўәкиллер қатнасты.
Мағлыўмат ушын: Sojitz Corporation - Японияның ири саўда ҳәм инвестиция компаниясы (согошоша) болып, 2004-жылы Nissho Iwai Corporation ҳәм Nichimen Corporation компанияларының бирлесиўи нәтийжесинде шөлкемлестирилген. Sojitz дүня бойлап 50 ден аслам мәмлекетте жумыс алып барады, көплеген мәмлекетлерде электр станциялары, кән жойбарлары, автомобиль тәмийнаты, аўыл хожалығын модернизациялаў сыяқлы тараўларға инвестиция киргизген.
Сөйлесиў даўамында тәреплер өз-ара бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў, бирге ислесиў бағдарларын және де кеңейтиў, мәмлекетимиздеги экономикалық процесслер ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик (МЖС) тийкарында әмелге асырылып атырған жойбарлар бойынша додалаўлар алып барды.
Додалаўлар даўамында төмендеги бағдарларға айрықша тоқтап өтилди:
Биргеликте әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳәм олардың көлемин кеңейтиў;
Инфраструктураны раўажландырыў, жасыл трансформация, ИТ ҳәм стартап жойбарларын қоллап-қуўатлаў;
МЖМШ тийкарында әмелге асырылып атырған жойбарлар, атап айтқанда, аймақларда заманагөй көп тармақлы емлеўханалар қурыў, электр узатыў инфраструктурасын заманагөй талаплар тийкарында жетилистириў, халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў системасын модернизациялаў;
Мәмлекетимизде экономикалық өсиў пәтлерин жеделлестириў, соның менен бирге келешектеги тийкарғы мақсетлерди әмелге асырыў ҳәм кең көлемли тәжирийбе алмасыў процесслерин жолға қойыў бойынша избе-из илажларды әмелге асырыў.
Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер өз-ара бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў, жоқарыда атап өтилген тараўларда нәтийжели жойбарларды ислеп шығыў ҳәм пикир алысыў процесслерин кеңейтиўге келисип алды.

