Өзбекстан Ресепубликасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң төртинши Ташкент халықаралық инвестициялық форумында шығып сөйлеген сөзи
2025-06-10 18:15:00 / Анонслар

Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Әзиз мийманлар!
Бәринен бурын, сизлерди – бирге ислесиўши мәмлекетлеримиздиң жоқары мәртебели ўәкиллери, халықаралық шөлкемлердиң басшылары, бизнес дүньясының ири ўәкиллерин төртинши Ташкент халықаралық инвестициялық форумында шын жүректен қутлықлайман.
Илажымызда қатнасып атырған Болгария Президенти Уллы Мәртебели Мырза Румен Радев, Словакия Бас министри Уллы Мәртебели Мырза Роберт Фицо, Қазақстан Бас министри Уллы Мәртебели Мырза Олжас Бектенов, Қырғызстан Ҳүкимети баслығы Уллы Мәртебели Мырза Адилбек Касималиев, Тәжикстан Бас министри Уллы Мәртебели Мырза Қоҳир Расулзода, Әзербайжан Бас министри Уллы Мәртебели Мырза Али Асадов, Россия Федерациясы Ҳүкимети баслығының орынбасары Уллы Мәртебели Мырза Александр Новак, Түркменстан Министрлер Кабинети баслығының орынбасары Уллы Мәртебели Мырза Нокергули Атагулиевти көрип турғанымнан оғада қуўанышлыман.
Сондай-ақ, Россия, Қытай, Америка Қурама Штатлары, араб мәмлекетлери және Европа, Азия ҳәм Африка регионларынан келген абырайлы делегацияларды да шын жүректен қутлықлайман.
Биз бенен тығыз бирге ислесип атырған қаржы институтларының басшылары – Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Одиль Рено-Бассо ханым ҳәм Жаңа раўажланыў банкиниң президенти Дилма Русеф ханымға айрықша миннетдаршылық билдиремен.
Бүгинги форумда 7,5 мыңнан аслам делегат, соның ишинде, 100 ге шамалас мәмлекеттен дерлик 3 мың сырт ел мийманы қатнаспақта. Биз буны, бәринен бурын, мәмлекетимизге болған ҳүрмет, өз-ара исеним ҳәм тығыз бирге ислесиўдиң ҳақыйқый көриниси сыпатында қабыл етемиз.
Өзбекстан жерине хош келдиңиз, қәдирли дослар!
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Бүгинги дүнья үлкен сынақларды басынан өткермекте. Глобал қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўға қатаң қәўиплер барған сайын күшеймекте, геосиясий процесслер көз алдымызда жеделлик пенен өзгермекте.
Дүньяда қуралланыў жарысы және ҳәўиж алмақта. Ири мәмлекетлердиң әскерий қәрежетлери 2010-жылға салыстырғанда бир ярым есеге артып, 2,5 триллион долларға жетти. Экономикалық кризис ақыбетлери, финанслық ресурслардың жетиспеўшилиги себепли болса дүнья жалпы ишки өниминиң өсиў пәтлери избе-из үш жыл даўамында төменлемекте.
Тилекке қарсы, халықаралық ҳуқық нормалары ҳәм дипломатия күши төменлеп бармақта. Ең ашынарлысы, инсаният ушын ең әҳмийетли машқалалар – азық-аўқат қәўипсизлиги, кәмбағаллық, климат өзгерислери сыяқлы мәселелерге итибар азаймақта. Дүньяда тынышлық, әдиллик ҳәм инсан қәдирине болған улыўма исенимди тиклеў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли.
Биз Украина менен байланыслы жағдайды тек ғана дипломатиялық жоллар менен шешиў зәрүр, деп есаплаймыз ҳәм Стамбулда болып атырған тиккелей сөйлесиўлерди қоллап-қуўатлаймыз.
Соның менен бирге, көп ўақыттан берли созылып атырған Газа апатшылығына итибарыңызды қаратпақшыман. XXI әсирде көз алдымызда көплеген бийгүна инсанлардың набыт болып атырғанын ҳеш нәрсе менен ақлап болмайды. Бул машқаланың бирден-бир шешими – келиспеўшиликти халықаралық ҳуқық нормалары ҳәм қабыл етилген резолюциялар тийкарында әдил түрде шешиў болып табылады. Палестина халқы өзиниң ғәрезсиз мәмлекетине ийе болыўға ҳақылы.
Глобал күн тәртибиндеги және бир мәселе – бул қоңсы Аўғанстанның тыныш ҳәм турақлы раўажланыўына жәрдемлесиўден ибарат. Бул мәмлекеттиң әмелдеги ҳүкимети менен халықаралық майданда конструктивлик сөйлесиў алып барыў, оның жеккеленип қалыўына жол қоймаў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли. Бул мәмлекеттеги тынышлық ҳәм экономикалық раўажланыў әтираптағы барлық регионлардың узақ мүддетли раўажланыўы ушын зәрүр фактор болып есапланады.
Мен ҳәзир атап өткен машқалалар бойынша барлық шерик мәмлекетлеримизди ашық ҳәм кең көлемли халықаралық бирге ислесиўге шақырамыз. Себеби, форумның тийкарғы темасы болған инвестициялар – тек ғана экономикалық раўажланыўдың емес, ал тынышлық ҳәм турақлылықтың кепили болып табылады!
Келиң, биргеликте сондай инвестициялық орталықты жаратайық, ол дәрамат келтириў менен бирге, инсан қәдирин улығлайтуғын, оның турмыслық мәплерин тәмийинлейтуғын ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына хызмет ететуғын беккем тырнаққа айлансын!
Әзиз мийманлар!
Ҳәзирги қыйын шараятта биз Өзбекстанда экономикалық турақлылықты сақлап қалыўға тийкарғы итибарды қаратып атырмыз.
Жалпы ишки өнимимиз сегиз жылда 2 есеге көбейди. 2030-жылға барып, бул көрсеткишти 200 миллиард долларға жеткериўди өз алдымызға мақсет етип қойдық.
Өткен жылы инвестиция көлеми 35 миллиард долларға, экспортымыз 27 миллиард долларға жеткени – төрт жылдан берли өткерилип киятырған Ташкент халықаралық инвестиция форумының да әмелий нәтийжеси болып есапланады.
Жаңа Өзбекстандағы реформалардың нәтийжеси халықаралық рейтинглерде де өзиниң мүнәсип көринисин таппақта. «Экономикалық еркинлик индекси»ндеги орнымыз соңғы бес жылда 48 текшеге жоқары көтерилди. Гарвардтың «Экономиканың қыйыншылығы индекси»ндеги орнымыз 28 текшеге жақсыланды. Өткен айда абырайлы «S&P» агентлиги Өзбекстанның суверен рейтингиниң прогнозын «турақлы»дан «унамлы»ға өткерди.
Бүгин дүнья экономикасы жаңа дәўир ҳәм өзгерислер босағасында турғанын бәршемиз жақсы түсинемиз. Бул болса турақлы раўажланыў жолынан баратырған мәмлекетлерди төмендеги төрт бағдарда бирге ислесиўге ийтермелемекте.
Бириншиден, «жасыл» экономика моделине өтиў.
Биз экономикамызды турақлы энергия ресурслары менен тәмийинлеў ушын «жасыл» энергетиканы раўажландырыўға қатаң бел байлағанбыз.
Өткен қысқа дәўирде бул тараўға дерлик 6 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестициясы кирип келди. Электр энергиясын ислеп шығарыў көлеми 59 миллиардтан 82 миллиард киловатт-саатқа жетти. Кейинги бес жылда бул көрсеткиш 120 миллиард киловатт-сааттан артып, «жасыл» энергия үлеси 54 процентке жетеди.
Сондай-ақ, электр тармақларын жаңалаўға да 4 миллиард доллар тартамыз.
Бул бағдарда быйыл Самарқандта, келеси жылдан және 8 аймақта электр тармақларын жеке меншик шерикликке беремиз.
Буннан тысқары, биринши мәрте «жасыл» сертификат ҳәм углерод бирликлери саўдасын басладық. Усы жылы глобал углерод базарларына қосылып, «Жасыл Өзбекстан» климат инвестициялары платформасын жаратамыз.
Екиншиден, санлы технология ҳәм жасалма интеллект экономиканың «драйвери»не айланбақта.
Мәмлекетимизде усы жылдың өзинде IT экспорты 1 миллиард долларға жетеди. 2030-жылға барып, бул көрсеткишти 5 есеге арттырыў ушын потенциалымыз да, имканиятымыз да жетерли.
Бул жумысларымыз халықаралық дәрежеде тән алынып, Жасалма интеллектке таярлық бойынша халықаралық индексте бир жылда 17 текшеге көтерилдик.
Келеси жылы «Бултлы технологиялар» миллий платформасы иске қосылады. Жақын бес жылда жеке меншик инвесторлар менен биргеликте қуўатлылығы 500 мегаваттан аслам 20 «дата орай» қурамыз.
Сондай-ақ, бай тарийхымыз, әзелий қәдириятларымыз ҳәм жаңа креатив идеяларды жәмлеген жасалма интеллекттиң миллий моделин ислеп шығамыз. Бул системаның нәтийжелилигин тәмийинлеўге «Бир миллион жасалма интеллект жетекшилери» жойбарын басладық.
Сизлер менен биргеликте Өзбекстанды абырайлы IT ҳәм Fintech хабына айландыратуғынымызға исенемен.
Үшиншиден, бүгинги шараятта финанслық система ҳәм технологиялар кескин өзгермекте.
Биз жақында Халықаралық валюта қоры ҳәм Жәҳән банки менен биргеликте Өзбекстанның финанс секторын биринши мәрте комплексли баҳалаўдан өткердик. Олар банк, қаржы, қамсызландырыў, капитал базарындағы реформаларымызды толық қоллап-қуўатлады.
Бул тараўларды кейинги раўажланыў басқышына алып шығыў мақсетинде Өзбекстанда Финанслық турақлылық кеңеси шөлкемлестириледи, Орайлық банкте киберқәўипсизлик ҳәм финанслық технологиялар платформалары иске қосылады.
Қамсызландырыў системасында да үлкен реформаларды басладық. Миллий қайта қамсызландырыў компаниясы ҳәм Глобал қайта қамсызландырыў санлы платформасы шөлкемлестирилди.
Стартаплар ушын альтернатив финанслық инструмент – венчурлар бизде тез раўажланып бармақта. Мысал ушын, өткен жылы 2 стартап компаниямыздың баҳасы биринши мәрте 1 миллиард доллардан асты. Бундай компанияларды әлбетте көбейтемиз.
Соның ушын «Альтернатив инвестиция қорлары ҳаққында»ғы нызам жойбары ислеп шығылды. Келеси бес жылда венчур ҳәм басқа да альтернатив инвестициялардың көлемин 1 миллиард долларға алып шығамыз.
Және бир бағдар. «Төртинши санаат революциясы» «технологиялық минераллар»ға талапты бир неше есеге көбейтпекте.
Өзбекстанда вольфрам, молибден, магний, литий, графит, ванадий, титан ҳәм басқа минераллардың үлкен қорлары анықланган. Улыўма етип айтқанда, жер асты байлықларымыздың потенциалы 3 триллион долларға баҳаланбақта.
Регионымыздың минераллардан жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў «хабы»на айланыўы ушын барлық имканиятлар бар. Бул бағдарда Ташкент ҳәм Самарқанд ўәлаятларында «Келешек металлары технопаркин» қурмақтамыз.
Усы жерде бир басламаны алға қоймақшыман: бул тараўда геологиялық-излеў жумысларынан баслап, таяр өним шынжырын жолға қойған инвесторларға он жыл даўамында рента салығы қайтарып бериледи.
Сизлер менен узақ мүддетли нәтийжели байланысларымыз айтып өтилген барлық бағдарларда өз-ара пайдалы бизнес бирге ислесиўге айланатуғынына исенемен.
Ҳүрметли инвесторлар!
Биз «Жаңа Өзбекстан – инвестициялар ушын үлкен имканиятлар мәмлекети» деген принципти әмелий нәтийжелерге айландырыў мақсетинде барлық илажларды көрмектемиз.
Бәринен бурын, бир нәрсеге итибарыңызды қаратпақшыман: глобал өндирис шынжырларында ҳәр бир мәмлекет ушын тең шараятты тәмийинлейтуғын исенимли қағыйдалар болыўы шәрт ҳәм зәрүр.
Әлбетте, бул бағдарда Жәҳән саўда шөлкеминиң айрықша орны бар. Сонлықтан, келеси жылы бул Шөлкемниң ағзасына айланыў бойынша алдымызға мақсет қойғанбыз ҳәм бул бағдарда шериклеримиз бенен жедел ислесип атырмыз. Оның ушын онлаған нызам, жүзлеген стандартларды халықаралық талапларға бейимлестирдик ҳәм бул жумысларды усы жылы толық жуўмағына жеткеремиз.
Екиншиден, мәмлекетимизде сырт ел инвесторларына және де қолайлы орталық жаратыў ушын жергиликли компаниялар менен бирдей шараятларды кепиллейтуғын «миллий режим» енгизиледи, мәмлекетлик уйымлар менен қатнасыққа кирисиўде «бир айна» принципи енгизилетуғыны белгиленди, инвестициялық жумысты артықша тексериўлерден кепилликли қорғаў системасы жаратылады.
Булар арқалы 2030-жылға барып, Өзбекстанның кредит рейтингин «инвестициялық» дәрежеге алып шығыўды мақсет етип қойғанбыз.
Үшиншиден, биз мәмлекетлик компанияларды меншиклестириўде оларды елимиз абаданлығына хызмет ететуғын ири активлерге айландырыў жолын таңлағанбыз.
Сол себепли, 18 ири компания ҳәм банклердеги дерлик 2 миллиард долларлық мәмлекетлик үлести өзинде бирлестирген «Миллий инвестиция қоры» шөлкемлестирилди. Қор басқарыўына абырайлы «Franklin Templeton» компаниясы тартылды. Келеси жылдың өзинде қордың акциялар пакети халықаралық IPO ға шығарылады.
Сондай-ақ, профессионал консультантлар тартылып, еки жылда 29 ири мәмлекетлик компания меншиклестириледи.
Төртиншиден, биз транспорт ҳәм логистика тараўын экономикамыздың қан тамыры сыпатында көремиз.
Сол себепли, бул тараўға да жеке меншик капиталды жедел тартпақтамыз. Бир ғана мысал, Самарқанд, Наманган, Бухара ҳәм Үргенш халықаралық аэропортлары мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында потенциаллы инвесторлардың басқарыўына берилди.
Үргенш аэропортын басқарыўға дүньяның жетекши «Инчон» компаниясы тартылды. Келеси жылы Нөкис, Термиз, Ферғана, Наўайы аэропортлары бойынша да тендерлер өткеремиз.
Және бир әҳмийетли бағдар – пайтахтымызда жасап ҳәм ислеп атырған халықтың саны 5 миллионнан асты. Соның ушын, 2 миллион халыққа мөлшерленген «Жаңа Ташкент» қаласын қурып, пайтахтты мегаполиске айландырамыз.
Бул жерде жылына 20 миллион жолаўшыға хызмет көрсетиў имканиятына ийе аэропорт, темир жол ҳәм автомобиль транспортын қамтып алған «мултимодал хаб» қурылады. Ири саўда комплекслери ҳәм финанс орайлары бой тиклейди.
Бул мега жойбарды биргеликте әмелге асырыў ушын инвесторлар, халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел банклерин мирәт етемиз.
Бесиншиден, соңғы жылларда қоңсыларымыз бенен жолға қойылған ашық ҳәм дослық сиясаты нәтийжесинде Орайлық Азияда пүткиллей жаңа бирге ислесиў орталығы қәлиплести.
Бүгин бул мәмлекетлердиң ҳүкимет басшылары форумда қатнасып атырғаны да сөзимниң айқын дәлили болып есапланады.
Итибар бериң, сегиз жылда қоңсыларымыз бенен товар айланысының көлеми 3,5 еседен аслам артып, дерлик 13 миллиард долларға жетти.
Ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан темир жолын қурыўды басладық, ири энергетика ҳәм инфраструктура жойбарларын таярлаў бойынша салмақлы жумыслар исленбекте.
Улыўма, биз Орайлық Азияда «Инвестиция ҳәм саўда ушын бир пүтин аймақ концепциясы»н алға қойыўды усыныс етемиз.
Усы жерде халықаралық шөлкемлерге мүрәжат етпекшимен: регионаллық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын жаңа қаржы механизмлерин жолға қойыў ўақты келди. Биргеликте ҳәрекет етсек, Орайлық Азияны тынышлық ҳәм раўажланыў мәканына айландырамыз.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Бүгинги форум жаңа, кеңейтилген форматта өткерилмекте. Оның шеңберинде биринши мәрте қәнигелескен көргизбе шөлкемлестирилип, онда Өзбекстан компаниялары өз жойбарлары ҳәм биргеликтеги басламалары менен қатнаспақта.
Бир мәселеге айрықша итибар қаратпақшыман: биз ушын инвестиция – тек ғана финанслық дәрек емес. Бул – технология, билим, маман кадрлар, халықаралық өндирис шынжырына қосылыў, яғный, ҳақыйқый раўажланыў деген сөз.
Өзбекстан мине, усындай ийгиликли идеялар менен келетуғын сырт елли инвесторларға барлық шараятларды жаратып береди, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайды ҳәм буны кепиллейди.
Елимизде сизлер ушын барлық есиклер бәрқулла ашық.
Ең әҳмийетлиси – жумысыңызды қорғайтуғын нызамлар бар, қарым-қатнасқа ашық мәмлекет ҳәм бирге ислесиўге таяр мийнеткеш халқымыз бар.
Бүгинги әнжуманда қатнасып атырған, елимизге мийман болып келген ҳәр бир инвестор, сырт ел ҳүкимети ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерине және бир мәрте шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Бәршеңизге әўмет ҳәм жетискенликлер тилеймен.