Санаат ушын әҳмийетли минераллар бойынша мәлимлеме берилди
2025-03-11 10:35:00 / Презентациялар

Президент Шавкат Мирзиёев 7-март күни санаат ушын әҳмийетли минераллар шийки зат базасын кеңейтиў ҳәм қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў бойынша презентация менен танысты.
Елимиз аймағында вольфрам, молибден, магний, литий, германий, графит, ванадий ҳәм титан сыяқлы 30 дан аслам санаат ушын әҳмийетли минераллар бар. Бирақ алдын бул имканият толық жүзеге шығарылмаған. Қазылмаларды излеў, техноген шығындыларды қайта ислеп, пайдалы элементлерди ажыратып алыў ҳәм олардан өним таярлаўға инвестиция қиргизилмеген еди.
Соңғы жыллары шөлкемлестириў тийкары жаратылып, жоқары қосымша қунлы өнимлер алыў бойынша жумыслар басланды. Презентацияда таў-кән санааты ҳәм геология министри бул бағдардағы имканиятлар ҳаққында мәлимлеме берди.
Алдағы 3 жылда 28 сийрек ушырасатуғын минерал бойынша 2,6 миллард долларлық 76 жойбарды әмелге асырыў мөлшерленбекте. Оның ушын шийки зат базасын кеңейтиў мақсетинде геологиялық-излеў илимий-изертлеў жумысларына қосымша қаржы ажыратыў нәзерде тутылмақта.
Ең тийкарғы ўазыйпа-заманагөй технологияларды қолланып, қымбат шийки затты рудадан ажыратып алыў, сапасын арттырыў ҳәм жоқары қунлы өнимлер жаратыў екенлиги көрсетип өтилди. Мысалы, «Жиңишке» кәниндеги вольфрам концентраты байытылса, қосымша қун 2 есеге артады. Ҳәзирше усы сыяқлы 18 жойбар ислеп шығылған.
Тараўда «шийки зат- қайта ислеў – илим ҳәм технология –таяр өним» шынжырын кеңейтиў мақсетинде молибден менен вольфрамға бай Ташкент ҳәм Самарқанд ўәлаятларында технопарклер шөлкемлестириў усынысы билдирилди.
Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда санаат тәжирийбелери ҳәм технология трансферин әмелге асырыў, заманагөй лаборатория ҳәм оқыў орайларын ашыў бойынша тапсырмалар берди. Улыўма, «төртинши санаат революциясы » дәўиринде мүнәсип орынға ийе болыў ушын беккем тийкар жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.