Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий кеңес мәжилиси болып өтти
2025-03-05 18:20:00 / Мәжилислер

Мәжилисте елимизде коррупциясыз орталық жаратыў бойынша исленген жумысларға баҳа берилип, келеси ўазыйпалар белгиленди.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде коррупция реформалар жолындағы ең үлкен тосқынлық екенин атап өтти.
Сонлықтан соңғы жылларда бул иллетке қарсы гүресиў бойынша нызамлар қабыл етилип, жаңа система жаратылды. Парламент палаталарында жуўапкер комитетлер, Коррупцияға қарсы гүрсеиў миллий кеңеси ҳәм Агентлик шөлкемлестирилди.
Ең әҳмийетлиси, жәмийетте коррупция машқаласын жәмийетшиликтиң додалаўына алып шығатуғын ашық система, ашық орталық жаратылды. Әсиресе, ғалаба хабар қуралларының бул бағдардағы орны ҳәм тәсири артып бармақта.
Бәринен бурын, коррупцияның фокторларына қарсы гүресилмекте. Мәселен жерди ҳәким қарары менен ажыратыўдан толық ўаз кешип, аукцион системасына өткерилгени нәтийжесинде бул система халықшыл болды. «Ашық-айдын қурылыс» бағдардамасы енгизилгенинен кейин бул тараўда да унамлы өзгерислер сезилди.
Мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша нызам қабыл етилгени, таңлаў ҳәм тендер санласып, саламат бәсеки болғаны ушын өткен жылы 14 триллион сум бюджет қаржысы үнемленди.
Бүгинге келип, барлық банклер 100 миллион сумға шекем турмыслық кредитлерди инсан факторысыз 5 минут ишинде онлайн бермекте. Нәтийжеде алдын бул жумыс пенен шуғылланған мыңлаған банкирлер енди мәҳәллеге түсип, адамларға жойбар, кредит усыныс етип, қарыйдарды көбейтиў менен ислеспекте.
Мектпеке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў системасында оннан аслам хызмет түрлери толық электрон түрге өткерилди. Бул тараўда мүрәжатлар саны 2,5 есеге азайды.
Жоқары билимлендириў системасы да санластырылды. Алдын тест тапсырып, топлаған баллына қарап, кейин жоқары оқыў орнын таңлаў енгизилди. 35 түрдеги ҳүжжетлерди инсан факторысыз алыўға өтилгени ушын тараўдағы мүрәжатлар 2,2 есе азайды.
Жол ҳәрекети қәўипсизлиги инспекторы «боди-камера»да хызмет өтеп атырғаны, автономерлер аукционда сатылып атырғаны, қағаздағы акт жоқ болғаны ушын коррупция факторлары кескин азайды.
Халық ҳәм исбилерменлерге «халық хызметиндеги мәмлекет» принципи тийкарында хызмет көрсетиў жолға қойылды. Атап айтқанда, 120 түрдеги ҳүжжетлерди талап етиў, 160 тан аслам лицензия ҳәм руқсатнамалар бийкар етилди. Нәтийжеде 200 мыңға шамалас жаңа исбилерменлер базарға кирип келди. Сырт ел қатнасыўындағы кәрханалар дерлик 5 есеге артып, 23 мыңға шамаласты.
Электрон мәмлекетлик хызметлериниң саны 15 есеге артып, 721 ге жетти, олардан пайдаланыўшылар болса, 11 миллионнан артты.
Ең әҳмийетлиси, олар арқалы халық , исбилерменлер, сырт елли бирге ислесиўшилеримиз, халықаралық шөлкемлер ҳәм инвесторлардың реформаларға исеними беккемленди. Соңғы жети жылда 120 миллиард доллардан аслам инвестиция киргени, экономикамыз 2 есеге өсип, өткен жылы 115 миллиард долларға жеткени онын дәлили болып есапланады.
Президент коррупцияға қарсы гүресиў турақлы процесс екенин айтып, бул бағдардағы әҳмийетли мәселелерди ҳәм келешектеги ўазыйпаларды көрсетип өтти.
Ҳуқық қорғаў уйымлары, тийкарынан, коррупцияны анықлаў ҳәм жазалаў менен ислесип, коррупциялық факторларды тамыры менен жоқ ететуғын превентив илажлар итибарсыз қалып атырғаны атап өтилди.
Сонлықтан Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң жумыс усылы өзгертилетуғыны белгиленди. Оның ушын, тәжирийбе түринде 5 Денсаўлықты сақлаў, Қурылыс, Суў хожалығы министрликлери, «Өзбекнефтгаз» ҳәм «Өзсуўтәминат» акционерлик жәмийетлериниң копмлаенс қадағалаўы агентликке өткериледи.
Сондай-ақ, районлар дәрежесине түсип, турмыслық ҳәм системалы коррупция факторларын терең үйренеди. Таллаўлар тийкарында анық илажларды ислеп шығып, Миллий кеңеске усыныс етеди.
Коррупциялық жынаятлардың 75 проценти район ҳәм мәҳәлледе турмыслық коррупция түринде болмақта. Сонлықтан енди Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңеслериниң қурамы толық жаңаланады. Оларға ўәлаятлық халық депутатлары кеңесиниң баслықлары бос болады.
Аймақлық кеңеслер коррупциялық факторларды анықлап, оларды сапластырыў ушын нызамшылықты өзгертиў, жаза бар екенин тәмийинлеў бойынша Миллий кеңеске усыныс киргизеди.
Буннан сегиз жыл алдын аймақларды комплексли раўажландырыў бойынша секторлардың жумысы жолға қойылған еди. Бул система социаллық-экономикалық машқалаларды шешиўге жәрдем береди. Соның менен бирге, соңғы жылларда аймақлар потенциалы артты.
Сонлықтан енди прокурор, ишки ислер ҳәм салық басшылары секторлар жумысы менен шуғылланбайтуғыны белгиленди. Жынаятшылықтың алдын алыў, оған қарсы гүресиў бойынша қосымша ўазыйпалар қойылды.
Мәмлекетлик сатып алыўларда коррупцияның алдын алыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Усы мақсетте, Эксперт комиссиясы дүзиледи. Алдынғы тәжирийбе тийкарында мәмлекетлик сатып алыўларда товарлардың орташа базар баҳалары көринип туратуғын электрон платформа жаратылады. Онда, мәмлекетлик сатып алыўларда сатып алынатуғын товар ҳәм хызметлердиң баҳасы орташа базар баҳасынан көби менен 20 проценттен артпайтуғыны шәрт. Бул талапты бузғаны ушын нызам менен жуўапкершилик ҳәм жариймалар енгизиледи.
Бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қаржы есабынан тийкарғы қуралларды сатып алыў бойынша талаплар да күшейтилетуғыны белгиленди. Мәмлекетлик уйымлардың сатып алыўларында мәмлекетимизде ислеп шығарылып атырған транспорт ҳәм мебельге үстинлик бериў зәрүр екенлиги. Ири жойбарларды жоқары дәрежедеги коррупцияға қарсы стандартлардан келип шығып баҳалаў талабы қойылды.
Коррупцияның алдын алыў – мәмлекетлик хызметине профессионал ҳәм пидайы кадрларды таңлаў ҳәм оларды «ҳадаллық вакцинасы» менен емлеўден басланады. Сонлықтан жумысқа алыўдағы тәртип ҳәм процесслерди жетилистириў бойынша тапсырламалар берилди.
Мәмлекетлик хызметкерлер дәраматын декларациялаўға байланыслы нызам зәрүрлиги атап өтилип, оның жойбары жәмийетшиликтиң додалаўына қойылатуғыны белгиленди.
Пикири таза, коррупцияға маўасасыз жаңа әўладты тәрбиялаў мақсетинде билимлендириў орайларында ҳадаллық идеяларын сиңдириў, олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди.
Мәмлекетимиз басшысының шығып сөйлеген сөзинде жәмийетшиликке мүрәжат етип, коррупцияға қарсы гүресиў улыўма миллий ўазыйпа, ҳәр бир ўатансүйиўши ўатанласымыздың ҳүждан иси екенин атап өтти.
– Ҳәммемиз бирден бир күш болып ҳәрекет етсек, әлбетте, үлкен унамлы нәтийжеге ерисемиз. Сонлықтан мәҳәлле белсендилери, нуранийлар, зыялылар, жазыўшы ҳәм шайырлар, көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери, исбилерменлер, белгили шахслар, басшылар, депутат ҳәм сенаторлар – улыўма пүткил жәмийетшилик бирлесип, коррупцияға «жәмийет денесиндеги саратан» сыпатында қараўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев.
Мәжилисте парламент ҳәм ҳүкимет ағзалары, жәмийетшилик ўәкиллери менен сөйлесиў болды.
Улыўма, биринши мәрте бундай түрде мәжилис өткерилиўи коррупцияға қарсы күшли сиясий ерк-ықрарды көрсетти.
Мәмлекетимиз басшысы 55 анық мақсетке бағдарланған басламаларды алға қойды. Олар шеңберинде 5 нызам 12 пәрман ҳәм қарарлар ислеп шығылады. Коррупцияға қарсы гүресиўде парламент, Миллий ҳәм аймақлық кеңеслер, пуқаралық жәмийети институтларының роли арттырылады.
Коррупцияға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый тийкарлары күшейеди. Декларациялаў, нызамсыз байлық арттырыўға байланыслы жаңа тәртиплер киргизилиўи нәтийжесинде коррупция факторлары шекленеди. Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги, шөлкемлердеги ишки қадағалаў структураларының жумысы күшейтиледи.
Турмыслық коррупцияға қарсы гүресиў бойынша министрлик, уйымлар басшыларының жуўапкершилиги арттырылады. Мәмлекетлик хызметлердиң сапасын халық баҳалайтуғын система жаратылады, ең жаман көрсеткишке ийе тараў басшылары бойынша шара көриледи.
Қадағалаў инспекцияларының еркинлиги арттырылады. Ири инвестициялық жойбарларда, аукционларда коррупцияның алдын алатуғын механизмлер енгизиледи.
Мәмлекетлик сатып алыўлар тәртипке салыныўы, тиккелей сатып алыўлардың шеклениўи есабынан бюджет қаржыларының үнемлениўи тәмийинленеди. Мәмлекет пулын мақсетсиз жумсаў жағдайлары сапластырылады.
Секторлардан азат болған күш ҳәм қураллар жынаятшылыққа қарсы гүресиўге жумсалып, жәмийетте турақлылық орталығы ҳәм адамлардың разылығы артады. Нызамсыз тексериўлер үстинен прокурорлық қадағалаўды күшейтилиўи арқалы орынларда бизнес ҳәм инвестиция орталығы жақсыланады.Ерисилген нәтийжелер халықаралық рейтинглерде мәмлекетимиздиң орнын жақсылайды. 2027-жылы UNCAC конференциясын шөлкемлестриўшилерине Өзбекстан талабанын мақуллаў ушын тийкар жаратады.
Ең әҳмийетлиси, халықтың, әсиресе, жаслардың ҳуқықый санасы жоқарылап, жәмийетте коррупцияға қарсы гүресиўге тилекслеслик қәлиплеседи.