Аўыл хожалығында халықаралық биргеликтеги жойбарлар ҳаққында мәлимлеме берилди
2025-03-03 17:35:00 / Prezentaciyalar

Елимиз агросанааты нәтийжелилик ҳәм базар қатнасықлары жағынан реформаланбақта. Тараўға алдынғы агротехнологиялар, илим жетискенликлери кеңнен енгизилмекте.
Бир топар қәнигелер жақында Қытай, Италия, Японияға барып, илимий институтлар, ири компания ҳәм хожалықлардың тәжирийбесин үйренди. Усы тийкарда жаңа бирге ислесиў режелери ислеп шығылды.
Бизге белгили, жоқары өнимдарлықтың биринши факторы бул туқым жетистириў. Қытай аўыл хожалығы илимлери академиясы егинлердиң туқымын ҳәм нәл жетистириўде үлкен тәжирийбеге ийе. Елимизде болса аўыл хожалығы бойынша 14 илимий институт, 55 туқым жетистириў хожалығы болыўына қарамастан жаңа сорт ҳәм агротехнология мәселесинде кемшиликлер бар. Дийқанлар жергиликли туқымнан пайда көрмегени ушын сырт елдикин екпекте.
Сонлықтан Жоқары Шыршық районындағы Агрохызметлер орайында Қытай тәжирийбеси тийкарында туқымгершилик ҳәм нәлшиликти жолға қойыў режелестирилмекте. Оның ушын 200 миллион доллар инвестиция киргизилип пахта, бийдай, салы, мәкке, жүзим ҳәм мийўе сортлары көбейтиледи. Туқым алыўдан баслап, оны заманагөй техника ҳәм дронлар жәрдеминде егиў, дәрилеў, жыйнаў ҳәм қайта ислеў бойынша үлгили аймақ шөлкемлестириледи.
Тараў ушын және бир әҳмийетли мәселе – маман кадрлар. Бул бағдарда Италияда жақсы билимлендириў системасы бар. Тек ғана Болонья университети Европаны маман қәнигелер менен тәмийинлеўде үлкен орын ийелейди. Илимий институтлар жеке меншик сектор менен бирге ислесиў орнатып, буйыртпа тийкарында сапалы сортларды жаратып, коммерцияластырмақта.
Бул тәжирийбелерди үйрениў мақсетинде Италиядағы Болонья, Тушиа, Феррара, Пиза жоқары оқыў орынларына быйыл 200 жасты жибериў нәзерде тутылмақта. Сондай-ақ, Тушиа университети жылына 30 азық-аўқат технологин грант тийкарында оқытыў, елимизде кадрлар таярлаўды жолға қойыў усынысын билдирген.
Дүнья тәжирийбесин үйрениўде оқып, ислеў бағдарламалары да қолайлы келеди. Мәселен, Ташкент аграр университетиниң Самарқанд филиалы, Халықаралық аўыл хожалығы университети өткен жылы бир топар студентлерди Германия ҳәм Англияға жиберген. Ташкент мәмлекетлик аграр ҳәм Халықаралық аўыл хожалығы университетлери, Ферғана азық-аўқат технологиясы ҳәм инженерлиги халықаралық университетинде студентлерди Японияға жибериў ушын япон тили орайлары шөлкемлестирилмекте.
Презентацияда режелер қоллап-қуўатланып, бундай бирге ислесиўди Венгрия, Нидерландия, Канада, Австралия, Қубла Корея сыяқлы агросанаат раўажланған мәмлекетлер менен де кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Аўыл хожалығы министрлигине аймақларда инновациялық жойбарларды көбейтиў бойынша бағдарлама ислеп шығыў тапсырылды.
