Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық – қызларымыздың өмириндеги үлкен жәмийетлик ҳәдийсе
2025-03-03 10:00:00 / Жаңалықлар

Зульфияханымның дөретиўшилиги ҳәм жумысы, оның аты менен шөлкемлестирилген Мәмлекетлик сыйлықтың елимиз қызлары турмысындағы орны ҳәм әҳмийети ҳаққында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова төмендеги пикирлерди билдирди.
– Бәҳәр – өзиниң гөззаллығы, сулыўлығы менен дүньяға жаңаланыў, қуўаныш-шадлық бағышлайтуғын пасыл. Бул пасыл аналарымыз, қызларымыз, дилбар ҳаял-қызларымыздың байрамы менен, оларды ҳүрметлеў менен басланыўында, әлбетте, символикалық мәни бар. Себеби, ҳаялдың өзи бәҳәр менен үйлесикли болып табылады. Бәҳәр пасылы ҳәр жылы уллы шайырымыз Зульфия Исраилованың туўылған күнин белгилеў менен басланыўы жылдан-жылға дәстүрге айланып бармақта.
Өзбекстан халық шайыры, белгили жәмийетлик ғайраткер, Жаваоҳарлъал Неру атындағы халықаралық сыйлықтың ийеси, халықаралық «Нилуфар» сыйлығының ийеси Зульфия Исраилованың басып өткен өмир жолы, дөретиўшилиги ҳәм әсиресе, ҳәр бир өзбек қызына, тек ғана өзбек қызы емес, ал пүткил шығыс қызларына өрнек болатуғын руўхый дүньясы, әдеп-икрамлылық тулғасы халқымыз тәрепинен жоқары баҳаланып келинбекте.
Зульфияның таланты улыўма елимиз әдебиятында айрықша ҳәдийсе болып табылады. Тарийхый тәғдир шығыс ҳаял-қызларының ҳаўазын дүнья минберине алып шығыўдың мақтанышын ҳәм қыйыншылығын Зульфияға жүкледи. Бул жуўапкершилик оның дөретиўшилик шыңын ҳәм турмыс тәризин белгиледи, белгили жәмийетлик ғайраткер, тынышлық ҳәм халықлар дослығының жыршысы сыпатындағы орнын белгиледи.
Шайырдың өмир жолы ҳәм турмыстың ҳәр бир соққыларында да опадарлық ҳәм садықлық пенен өз исенимине, халқына садық қалғаны шайырды руўхый мәртлик ийеси сыпатында улығлады. Лирик шайыр – Ҳамид Олимжон менен өткерген қысқа өмири, оннан айырылып қалыўы, улыўма шайырдың өмири садықлық ҳәм опадарлық тымсалы болып қалды.
Ҳаял-қызларды муқаддес билиў, оларға айрықша ҳүрмет көрсетиў, азат ҳәм абат елимиздиң келешеги болған ҳәр тәреплеме жетик жасларды тәрбиялаўдағы шексиз орнын және бир мәрте тән алыў, бәркамал, ақыллы ҳаял-қызлардың әўладын камалға келтириў, олардың арасындағы қәбилетли жаслардың әдебият, көркем өнер, илим, билимлендириў ҳәм мәдениятты раўажландырыўдағы жетискенликлери, заманласларының миллий ғәрезсизлик идеялары ҳәм мәдений-руўхый қәдириятларға исениминиң артыўы жолындағы ибратлы жумысы, кең көлемли реформаларды жеделлестириўге белсене қатнасыўын хошаметлеў мақсетинде 1999-жылы Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық шөлкемлестирилди.
Ҳәзирге шекем елимиздиң жүзлеген қәбилетли, излениўшең ҳәм инталы, белсенди қызлары ҳәр жылы бәҳәрдиң дәслепки күнлеринде усы жоқары сыйлық пенен сыйлықланады. Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық бүгин елимиз қызларының өлшемине, ийгиликли идеяларын әмелге асырыў қуралына айланды.
Бул сыйлық елимиз қызларының турмысында үлкен жәмийетлик ҳәдийсе болды. Дүньяның ҳеш бир мәмлекетинде бундай қәбилетли қызларға мәмлекет ғамқорлығының нышаны болған сыйлық болмаған.
Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық 2000-жылдан берли қәбилетли қызларға билимлендириў, илим, әдебият, мәденият, көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары тараўлары ҳәм жәмийетлик жумыслардағы айрықша жетискенликлери ушын берилип келинбекте. Усы ўақытқа шекем 452 ҳаял-қыз бул сыйлықты алыўға миясар болды.
Бизге белгили, быйыл Зульфияханымның 110 жыллық туўылған күни халқымыз тәрепинен ең шетки аўылларда да белгиленбекте ҳәм бул қуўаныш даўам етпекте.
Зульфия дөретиўшилиги мыңлаған адамларға муҳаббат ҳәм садықлықтан сабақ бермекте, садықлық ҳәм опадарлық тымсалы болып жасамақта. Айқулақ жети реңде жетпис түрли жылўаланып, ҳәммени ашық еткениндей Зульфия таңның өзиндей ырас ҳәм жарқын ҳақыйқатқа суўғарылған поэзиясы менен садықлық ҳәм опадарлық сезимин адамгершилик, жетискенликтиң баслы нормасы дәрежесине көтерген.
Халқының дәрти менен күйип жанған инсанлар адамлардың қәлбине өз естеликлерин, тулғаларын орнатып кетеди. Бул естеликти умытыўға да, кеўиллерден алып таслаўға да болмайды. Оларды ҳәр еслегенде жүрегимиз түбиндеги ең шийрин естеликлер қайта жаңланады. Зульфияханым да адамлардың қәлбине өз тулғасын ҳәм естелигин орнатып кеткен уллы шайыр, ағартыўшы, садықлықта теңсиз өзбек ҳаялы еди. Ол бәҳәр сыяқлы ҳәр қашан қәлбимизге жақтылық ҳәм нур таратып кирип келе береди.
Әлбетте, шаңарақ жумыслары, перзент тәрбиясы менен бирге, ҳәр қыйлы тараўларда пидәкерлик пенен хызмет етип атырған апа-сиңлилеримиздиң мийнетин мүнәсип қәдирлеў бәрқулла мәмлекет итибарында.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен кейинги жылларда ҳаял-қызлардың билим алыўына айрықша итибар қаратылмақта. Елимизде жоқары мағлыўматлы қызлардың қатарын кеңейтиў мақсетинде бир қатар имканиятлар, жеңилликлер ҳәм шараятлар жаратылмақта. Ҳәзирги күнде жоқары оқыў орынлары студентлериниң 52 процентинен зыятын ҳаял-қызлар қурамақта. Магистратурада оқып атырған студентлердиң арасында қызлардың үлеси дерлик 62 процентти ямаса 25 мыңды қурамақта.
Себеби ҳаял-қызлардың, атап айтқанда, қыз баланың оқып, жоқары мағлыўматлы болыўы, кәсип-өнер ийелеўи шаңарақтың бахты, перзентлердиң камалға келиўи ушын, сол тийкарда пүткил жәмийеттиң раўажланыўына хызмет етеди. Себеби, қызларымызды оқытыў, олардың қандайда бир кәсип ийеси болыўы жәмийеттеги бир қанша машқалаларға қарсы гүресиў ушын дурыс жол есапланады. Шаңарақлық ажырасыўлардың алды алыныўы, ерте турмыс, ерте туўыўшылық, туўысқанлар арасындағы неке ҳәм басқалар ушын илим ең ақыллы шешим бола алыўы мүмкин.
Бир қызды оқытыў арқалы Ўатанымыздың раўажланыўы ушын мүнәсип перзентлер тәрбиялай алатуғын аналардың қатарын кеңейтиўге әлбетте, мүнәсип үлес қосқан боламыз.