Өзбекстан ҳәм Бахрейн қаржылай бирге ислесиўди кеңейтеди
2025-02-18 09:00:00 / Жаңалықлар

Бул сөйлесиў «Раўажланып атырған мәмлекетлердиң сөйлесиўи» конференциясы шеңберинде болып өтти. Онда тәреплер экономикалық бағдарлардағы бирге ислесиў перспективалары бойынша пикир алысып, экономикалық өсиўди хошаметлеў, инфраструктура жойбарларын қәлиплестириў ҳәм Бахрейн қаржы компаниялары менен бирге ислесиў мәселелерин додалады.
Атап айтқанда, саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў, қаржы тараўында инновациялық көзқарасларды енгизиў ҳәм Бахрейнниң алдыңғы қаржы технологияларды қолланыў тәжирийбеси ҳаққында сөз етилди. Сондай-ақ, Өзбекстандағы социаллық-экономикалық реформалар ҳәм олардың нәтийжелерине де айрықша итибар қаратылды.
Сөйлесиўлер жуўмағында еки мәмлекет өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм экономикалық өсиўди қоллап-қуўатлаўға қаратылған биргеликтеги жойбарларды ислеп шығыў бойынша келисимге еристи.