Өзбекстан ҳәм Франция арасында жаңа бирге ислесиў бағдарлары белгилеп алынды
2025-01-31 09:25:00 / Жаңалықлар
Еки тәрептиң ири компаниялары ўәкиллери, тийисли министрлик ҳәм мәмлекетлик уйымлардың басшылары қатнасқан илажда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик, инфраструктура жойбарларындағы бирге ислесиў байланысларын кеңейтиў, «жасыл» өсиўди тәмийинлеў, энергетика, транспорт, аэропортларды модернизациялаў тараўларын раўажландырыў сыяқлы бир қатар мәселелерди додалаўға итибар қаратылды.
«MEDEF International» Францияның ең ири исбилерменлер аўқамы болып есапланатуғынын атап өтиў керек. Ол усы мәмлекеттеги компаниялардың халықаралық базарға шығыўына жәрдем береди. Шөлкем сырт еллер менен экономикалық ҳәм саўда байланысларын раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелейди. Аўқам дүньяның 120 дан артық мәмлекети менен экономикалық бирге ислесиў алып барады.
Сөйлесиўлердиң соңында тәреплер өз-ара байланысларды раўажландырыў, биргеликтеги жойбарларды кеңейтиў ҳәм пикирлер алмасыў процесслерин көбейтиўге келисип алды.