Мәмлекетлер ўәкиллери коридорды қәлиплестириў бойынша билдириўге қол қойды
2023-11-03 18:05:00 / Jańalıqlar
Өзбекстан, Түркменстан, Иран ҳәм Түркия мәмлекетлери Азия ҳәм Европа арасында халықаралық мультимодал транспорт коридорын қәлипелестириў бойынша келисип алды.

Азия-Тыныш океаны регионының мәмлекетлеринен Европа Аўқамының мәмлекетлерине шекемги Өзбекстан, Түркменстан, Иран, Түркия аймақлары арқалы жүк тасыўларды шөлкемлестириў;
бәсекиге шыдамлы тариф ставкаларын қолланыў ҳәм Өзбекстан, Түркменстан, Иран ҳәм Түркия темир жолларында жүк тасыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў;
жөнелис бойлап жүк тасыўларды шөлкемлестириўде нормативлик-ҳуқықый ҳәм техникалық стандартларды бирдейлестириў бойынша илажларды биргеликте ислеп шығыў;
жол қатнасыўшы-мәмлекетлери арасындағы транспорт тараўындағы байланыслылықты арттырыў.