Жоқары билимлендириӯ ҳәм илим тараӯындағы тийкарғы ӯазыйпалар көрип шығылды
2025-01-23 09:50:00 / Презентациялар
Мәмлекетимиз раӯажланыӯыныӊ сүйениши сыпатында бул бағдарларға үлкен итибар қаратылмақта. Жаӊа жоқары оқыӯ орынлары ашылып, қамтып алыӯ оғада кеӊейди. Билимлендириӯ процесслери сапа жағынан жақсыланбақта.
Өткен жылы бакалавриат бағдарлары оптималластырылып, 1 мыӊ 200 ден аслам билимлендириӯ бағдарлары сырт ел стандартларына бейимлестирилди. Соныӊ ишинде, питкериӯшилерге маманлық талап толық жаӊаланды, қайта тиклениӯши энергия дереклери, қоршаған орталық инженерлиги, биосистемалар инженерлиги сыяқлы заманагөй бағдарлар ашылды.
Быйыл да бир қатар әҳмийетли ӯазыйпалар белгиленген. Атап айтқанда, және мыңнан аслам билимлендириӯ бағдарлары «ТОП-300» университет бағдарлары тийкарында жетилистириледи. 45 билимлендириӯ бағдарлары халықаралық аккредитациядан өткериледи. Жоқары оқыӯ орынларында Регистратор офиси хызметлери менен студентлер толық қамтып алынады. Дуал билимлендириӯге және 50 мыӊ студент тартылады.
Жоқары билимлендириӯде илимий потенциалды 55 процентке шығарыӯ, сырт елде 5 мыӊ педагогтың маманлығын арттырыӯ режелестирилген. Алдынғы инженерлик мектеплерин 25 ке жеткерип, санаат кәрханалары менен жойбарлардыӊ баҳасын 10 есеге арттырыӯ мақсет етилген.
Презентацияда жуӯапкерлер усы бағдарда әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында мәлимлеме берди.
Бизге белгили, жоқары билмлендириӯге қабыллаӯ процессинде «алдын тест, кейин таӊлаӯ» принципине өтилди. Мәмлекетлик грант студентлердиӊ қәбилетине қарап ажыратылатуғын болды. Қаржылай еркинлик берилген 40 жоқары оқыӯ орнында Регистратор офиси шөлкемлестирилди. Нәтийжеде деканат ҳәм бөлимлерде штатлар 20 процентке қысқарып, 30 хызмет түри санласты.
Бул тәжирийбеден келип шығып, усындай офислерди басқа жоқары оқыӯ орынларында да ашыӯ, билимлендириӯ ҳәм илим хызметлерин қамтып алған бирден-бир санлы система енгизиӯ бойынша көрсетпелер берилди.
Әмелият пенен байланысты күшейтиӯ мақсетинде дуал билимлендириӯ жолға қойылмақта. Ҳәзирде 15 мыӊ студент 957 кәрханаға бириктирилген. Бирақ кәрханаларда оған қызығыӯшылық жоқ. Сонлықтан дуал билимлендириӯде қатнасып атырған кәрханаларды хошаметлеӯ бойынша усыныслар билдирилди.
2024-жыл 20-июньда болып өткен видеоселектор мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир аймақта техника университети ҳәм алдынғы инженерлик мектеплерин шөлкемлестириӯ ӯазыйпасын қойған еди. Ҳәзирге шекем Термиз, Әндижан ҳәм Қаршыда техника университетлериниӊ жумысы жолға қойылды. Сондай-ақ, 8 инженерлик мектеби ашылды.
Мәжилисте Нөкис, Бухара, Ферғана ҳәм Наманган техника университетлерин шөлкемлестириӯ жойбарлары таныстырылды. Оған бола, жаӊа бағдарлар ашылып, сырт ел бағдарламалары енгизиледи, студентлердиӊ илимий-инновациялық процесслерде қатнасыӯы кеӊейтиледи, университетлерде санаат бирге ислесиӯшилери бириктириледи.
Улыӯма, бул бағдардағы 35 мәкемени кеӊейтиӯ есабынан, 22 техника университети шөлкмлестириледи. Быйылғы жылдыӊ ақырына шекем және 17 инженерлик мектеби ашылады.
Соӊғы жылларда жоқары оқыӯ орынларында илимий потенциал 41 проценттен 45 процентке артқан. Бирақ, көпшилик илимий изертлеӯлер санаат ҳәм өндиристеги заманагөй тендецияларды қамтып алмай атыр.
Сонлықтан докторантура квотасын бөлистириӯде экономиканыӊ драйвер тараӯларына әҳмийет қаратыӯ, илимий дәреже ҳәм атақлар алыӯ тәртибин жетилистириӯ бойынша көрсетпелер берилди. Педагоглардың кәсиплик шеберлигин арттырыӯды жаӊа басқышқа алып шығыӯ зәрүр екенлиги атап өтилди.
Жаслар тәрбиясында тәлим-тәрбия ҳәм спорт та әҳмийетли. Бул бағдарда «Бес баслама», «Мәрипат таратып», «Студентлер спорт лигасы», «Зәкаўат» сыяқлы ҳәрекетлер жолға қойылған. Бундай руӯхый-ағартыӯшылық, спорт ҳәм интеллектуаллық жойбарлар менен студентлерди толық қамтып алыӯ, жасларда ӯатансүйиӯшилик руӯхын күшейтиӯ илажлары бойынша мәлимлеме берилди.