Қусшылық ҳәм шарўашылық бойынша режелер таныстырылды
2025-01-22 09:45:00 / Презентациялар
Бул тармақлар халықтың азық-аўқат қәўипсизлигин ҳәм арзанлығын тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейди. Соңғы жыллардағы шараятлар ҳәм жойбарлар нәтийжесинде өнимдарлық избе-из артып бармақта. Бул пәтти даўам еттирип, усы жылы 1 миллион тонна таўық гөши, 10 миллиард 500 миллион мәйек жетистириў мөлшерленген. Экспортты 2 есеге арттырып, 180 миллион долларға алып шығыў нәзерде тутылған.
Қусшылықта 1 мың 350 жойбарды иске қосып, 3 миллион 200 мың тонна гөш жетистириў, 13 миллион тоннадан аслам сүт алып, оның 30 процентин санаат усылында қайта ислеў есап-санақ етилген.
Презентацияда бул көрсеткишлерге ерисиў бойынша усыныслар көрип шығылды.
Мәселен, елимизде гөш бағдарындағы қустың 1-тәртипли генетикасын шөлкемлестириў басланған. Сырт ел компаниялары менен биргеликте енди оны мәйек жетистириў бойынша да жолға қойыў мөлшерленбекте.
Қусшылық кооперациясы бойынша Әндижан, Наманган, Самарқанд ҳәм Хорезмде жақсы тәжирийбелер бар. Онда ҳәм адамлар дәрамат таппақта, ҳәм қусшылық кәрханаларының жумыслары жүриспекте.
Мәселен, Қўшработ районындағы «Жети ғәзийне» кәрханасы хожалықларға шаншылған таўық, кетек ҳәм жем тарқатып, мәйегин өзи сатып алмақта.
Бундай жойбарларды барлық ўәлаятларда ислеп, өним ҳәм жумыс орынларын көбейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Оған 50 миллион доллар қаратылатуғыны белгиленди.
Ўақтынша тоқтап қалған ямаса аз қуўатлықта ислеп атырған қусшылық кәрханаларын қаржылай саламатландырып, жумысын жақсылаў бойынша көрсетпелер берилди.
Халық ырысқысының және бир үлкен дәреги – жайлаўлар. Бирақ олардың дерлик ярымынан пайдаланылмай атыр. Себеби, жайлаў өсимликлери туқымгершилиги раўажланбаған, суў объектлери ҳәм қудықлар жетиспей атыр. Бундай майданлардың картасы ҳәм ижарасы санластырылмаған.
Соның ушын жайлаўларды Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети системасына өткериў усыныс етилмекте. «E-yaylov» электрон картасы ислеп шығылып, ҳәр бир майдан бул системаға киргизиледи. Онда шарўа, егин ямаса геологияға мөлшерленген орынлар анық көринеди.
Бундай майданлар ең көп болған 7 ўәлаятта жайлаў хожалықлары шөлкемлестириледи. Олар тоғай хожалықлары сыяқлы жайлаўларды сақлаў ҳәм нәтийжели пайдаланыўға жуўапкер болады. Жайлаў хожалықларындағы жерлер аукцион арқалы мал бағыў, писте, бадам сыяқлы нәллерди егиў ушын халыққа 30 жылға ижараға бериледи.
Мәмлекетимиз басшысы усынысларды мақуллап, жайлаўларды деградациядан шығарыў, қосымша қудықлар қазыў ҳәм жайлаў туқымгершилигин шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берди.
Быйыл 500 мың гектар жайлаўда 1 миллион бас қойды тәртипли бағыў бойынша үлги жойбар әмелге асырылатуғыны айтылды.
Шарўашылық ҳәм қусшылық кәрханаларын қаржылай қоллап-қуўатлаў мәселелери додаланды. Жаңа жойбарлар ҳәм кооперация есабынан халықтың бәнтлигин арттырып, кәмбағаллықты қысқартыў зәрүр екенлиги атап өтилди.