Өзбекстан Президенти Дүнья жүзилик туризм шөлкеми менен көп тәреплемели бирге ислесиў дәрежесин жоқары баҳалады
2023-10-16 17:25:00 / Jańalıqlar

Өзбекстанның туризм потенциалын арттырыў бойынша БМШтың қәнигелестирилген институты менен көп тәреплемели бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Туризм тармағын реформалаўда Өзбекстанның стратегиялық бирге ислесиўшисине айланған ЮНВТО менен биргеликте мисли көрилмеген дәрежеге ерисилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
«Жипек жолында туризм» брендин кеңнен ен жайдырыў, соның ишинде, туризм инфраструктурасын раўажландырыў, мәмлекетимизге туризм бағдарларын ғалаба ен жайдырыў, маман кадрлар таярлаўға қаратылған бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы биргеликтеги ҳәрекетлер жоқары баҳаланды.
Мәмлекетимизде ЮНВТО Бас Ассамблеясының юбилей сессиясы өткерилиўи, оның шеңберинде Самарқанд қаласында Халықаралық туризм академиясы ҳәм «Жипек жолы» тематикалық офисиниң ашылыўы бирге ислесиўдиң әҳмийетли әмелий нәтийжелери болды.
ЮНВТО бас хаткери Өзбекстан Президентине туризм тараўының усы жылғы бас халықаралық илажы жоқары дәрежеде таярланыўы ҳәм шөлкемлестирилиўине көрсетилген жәрдем ушын қызғын миннетдаршылық билдирди.
Форумда дүньяның 140 тан аслам мәмлекетинен жоқары дәрежели делегациялар қатнасқаны глобал ҳәм регионаллық туризм орайларынан бири сыпатында Өзбекстанға болған қызығыўшылық артып баратырғанынан дәрек екени атап өтилди.
Бас Ассамблея шеңберинде туризм тараўындағы жетекши компаниялар, жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм шөлкемлердиң қатнасыўында инвестиция ҳәм билимлендириў форумлары да болып өтеди. Олардың соңында усы бағдарлар бойынша биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў бойынша анық шәртнама ҳәм келисимлерге қол қойылыўы күтилмекте.
Ушырасыў соңында юбилей сессияның тийкарғы жуўмақларын әмелге асырыў ушын биргеликтеги «жол картасы»н қабыл етиўге келисип алынды.


