Локализациялаў ҳәм экспорт бойынша ўазыйпалар белгиленди
2024-12-06 09:05:00 / Презентациялар
Бул мәселе өткен айда додаланып, жуўапкерлерге режелерди сын көзқарастан көрип шығыў тапсырылған еди. Бул реттеги презентацияда Президент көрсетпелери тийкарында жетилистирилген илажлар баянат етилди.
Бәринен бурын, өндирис көлеми ҳәм сапасына итибар қаратылады. Ҳәзир жылына 400 мыңнан аслам автомобиль сатылып атыр. Халықтың жан басына дәрамат артып атырғаны себепли бул тендленция кейинги жылларда да сақланып қалады. Буннан пайдаланып, талапқа жараса өним ислеп шығарылады.
Қалаберди, Өбекстан Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўы күтилмекте. Бундай жағдайда, базарда жергиликли ислеп шығарыўшылар ушын бәсекилесиў және де күшейеди. Соның ушын сапа үстинде ислеў, локализациялаў дәрежесин арттырыў кереклиги атап өтилди.
Атап айтқанда, 2025-жылы “BYD” автомобиллериниң 60 деталын локализациялаў есабынан электромобильдиң өзине түсер баҳасын төменлетиў мүмкин. Бул компания басшылары да елимиздеги тармақ кәрханаларының потенциалын жоқары баҳалаған. Сол себепли Локализациялаўға жәрдемлесиў орайы имканиятларын иске қосып, аймақлық кәрханалар менен кооперация көлемин 2 есеге арттырыў ўазыйпасы қойылды.
Және бир әҳмийетли мәселе-экспорт. Соңғы жыллары қоңсы мәмлекетлерде өндирис жолға қойылғаны нәтийжесинде 40 мыңнан аслам автокомплект сатылған. Келеси жылы экспортты 700 миллион доллардан арттырыў мақсет етилген. Соның менен бирге, Самарқандтағы автобус ҳәм жүк транспорты кәрханаларын да сыртқы базарларға алып шығыў керек екенлиги көрсетип өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы тармақтың экономикалық ҳәм социаллық әҳмийетине айрықша тоқтап өтти. Заман талапларына бейимлесип, өндиристи турақластырыў, маркетинг ҳәм сапа бойынша ҳәр күни излениў керек екенлиги атап өтилди.