Өзбекстан – АҚШ бизнес-форумында оннан аслам ҳүжжетке қол қойылды
2023-09-18 12:15:00 / Jańalıqlar

Форумның ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Хўжаев, инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов, АҚШ – Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм, АҚШ ЭКСИМ банкиниң Президенти Рета Жо Льюис ҳәм Мәмлекетлик хаткери жәрдемшисиниң орынбасары Дас Марк Поммершайм шығып сөйледи.
Мәмлекетлеримиз арасында саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланыслар жедел пәтлер менен раўажланып атырғаны, онда еки мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары, ҳүкиметлер ҳәм исбилерменлик топарлардың турақлы бирге ислесиўи әҳмийетли фактор болып хызмет етип атырғаны айрықша атап өтилди.
Өзбекстан тәрепи экономика, саўда, санаатты раўажландырыў ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаў бойынша ерисилген әҳмийетли жетискенликлерди усынды. Атап айтқанда, еркин базар ҳәм саламат бәсеки механизмлериниң жаратылғаны, исбилерменликти жедел қоллап-қуўатлаў, инфраструктураны раўажландырыў, энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, экономикада мәмлекет қатнасыўының қысқарыўы ҳәм кең көлемли меншиклестириў процесслериниң басланғанын атап өтти.
Әмелге асырылып атырған реформалар себепли Өзбекстан инвестиция киргизиў бойынша Америка исбилерменлер топары ушын тартымлы мәнзилге айланды. Бүгинги күнде Өзбекстанда АҚШтың 300 компаниясы жумыс алып бармақта. Бул 2017-жылдағы көрсеткиштен еки есеге көп. Автомобиль ислеп шығарыў – General Motors, аўыл хожалығы техникасын ислеп шығарыў – John Deer, CNH, газ қазып алыў – Air Products, аўыл хожалығы – Silverleafe ҳәм басқа да тараўларда табыслы қәдемлер бақланбақта.
Соның менен бирге, таў-кән санааты, химия ҳәм энергетика тармақлары, тоқымашылық санааты, аўыл хожалығы, фармацевтика, электроника, мәлимлеме технологиялары сыяқлы қоспа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўдың ең перспективалы бағдарлары белгиленди. Жоқары қосымша қунға ийе өнимлер ислеп шығарыў ҳәм үшинши мәмлекетлерге экспорт етиў бойынша биргеликте кәрханалар шөлкемлестириўде үлкен имканиятлар бар.
Еки мәмлекет арасындағы исбилерменлик байланысларын жеделлестириў әҳмийетли екенлиги, барлық қоспа жойбарлар ҳәм басламалар мәмлекет тәрепинен ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланатуғыны атап өтилди.
Илаж даўамында глобаллық бәсеки, тәмийнат шынжырының турақлылығын тәмийинлеў, исбилерменлик орталығын раўажландырыў, инновацияларды хошаметлеў, стратегиялық прогнозлаў, меншиклестириў ҳәм финанслық-техникалық бирге ислесиў мәселелери бойынша өз алдына айрықша сессиялар өткерилди.
Бизнес-форум жумысы Өзбекстан ҳәм АҚШ министрликлери, уйымлары, тармақ бирлеспелери ҳәм жетекши компаниялары басшыларының «G2B» ҳәм «В2В» форматындағы ушырасыўлары менен даўам етти. Қатнасыўшылар қоспа кәрханалар шөлкемлестириў ҳәм өз-ара пайдалы саўда шәртнамаларын дүзиў мәселелерин ҳәр тәреплеме додалаўға еристи.
Илаж жуўмағында энергетика, машина қурылысы, МКТ, аўыл хожалығы, финанслық-техникалық ҳәм илимий-техникалық бирге ислесиў, медицина ҳәм фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў сыяқлы тараўларда 12 ҳүжжетке қол қойылды.


