Халқымыздың жоқары исенимин ақлаў, ерискен жетискенлеримизди жаңа, және де үлкен нәтийжелер менен беккемлеў – баслы ўазыйпамыз
2023-07-14 15:50:14 / Анонслар

Ассалаўма әлейкум, қәдирли ўатанласлар!
Ҳүрметли Сенат ағзалары!
Ҳүрметли Нызамшылық палатасының депутатлары!
Сырт ел дипломатиялық корпус ўәкиллери!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Мине, усы тарийхый ҳәм тәсирли минутларда бәринен бурын маған жоқары исеним билдирип, Өзбекстан Республикасы Президенти етип сайлаған барлық ўатанласларыма және бир мәрте шын кеўлимнен қызғын миннетдаршылық билдиремен.
Муқаддес Ўатанымыз тымсалы ҳәм ғәрезсизлигимиз белгиси болған Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағына, гимнимиз ҳәм гербимизге, маған тапсырылған Президентлик Жоқары нышаны ҳәм байрағына жоқары ҳүрмет көрсетемен.
Әзиз дослар!
Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымына сайланыўымды мен инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, халықтың мәпин тәмийинлеўге қаратылған сиясатымыздың және бир жоқары тән алыныўы сыпатында қабыл етемен.
Болып өткен Президент сайлаўы жаңаланған Конституциямыз тийкарында өткерилгени оған ҳақыйқый халықшыл руўх ҳәм мазмун бағышлады. Бул сайлаўда халқымыз өз ерк-ықрарын еркин билдирип, Жаңа Өзбекстан ушын даўыс берди, деп айтыўға барлық тийкарларымыз бар.
Мәмлекетимиз турмысындағы оғада әҳмийетли ҳәм жуўапкершиликли бул сиясий процесс ел-халқымыз бенен биргеликте таңланған ҳәм әмелге асырып атырған миллий раўажланыў жолымыздың қаншелли дурыс екенин және бир мәрте тастыйықлады.
Сайлаўда 15 халықаралық шөлкемнен 466, 47 сырт елден 331 ўәкил халықаралық бақлаўшы сыпатында қатнасты. Соның менен бирге, 1400 жергиликли ҳәм сырт ел журналистлери сайлаў процесслерин ҳәр тәреплеме жарытып барды.
Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бюросы ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамының узақ мүддетли миссиялары пүткил сайлаў процесслерин тиккелей бақлап барды.
Сондай-ақ, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Парламентлераралық ассамблеясы, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Түркий мәмлекетлер шөлкеминен де бақлаўшылар қатнасты. Булардың барлығы бул сайлаўдың дүнья жәмийетшилигинде үлкен қызығыўшылық оятқанын көрсетеди.
Жергиликли ҳәм сырт ел бақлаўшылары сайлаў миллий нызамшылығымыз ҳәм улыўма тән алынған халықаралық принциплер тийкарында, еркин ҳәм демократиялық, саламат бәсеки ҳәм сиясий гүрес орталығында, ашық-айдынлық руўхында өткенин атап өтти. Бул, өз гезегинде, ҳәммемизди бирлестирип, өз күш ҳәм иканиятымызға болған исенимимиз, халқымыз, Ўатанымыз алдындағы жуўапкершилигимизди және де арттыратуғыны тәбийғый, әлбетте.
Ҳүрметли салтанатлы мәресим қатнасыўшылары!
Уллы ҳәм кеңпейил халқымыз маған және бир мәрте үлкен исеним билдирип, уллы Ўатанымыз тәғдири ушын пүткил жуўапкершиликти өз мойныма алыў имканиятын бергенин усы толқынландырыўшы демлерде және де терең түсинип, қәлбим шексиз мақтаныш туйғыларына толмақта.
Соның менен бирге, бүгин мойныма қандай уллы жуўапкершилик алып атырғанымды, Ўатанымыз ғәрезсизлиги, 36 миллионнан аслам әзиз халқымның тынышлығы ҳәм абаданлығы ушын жеке жуўапкер екенимди жүрек-жүрегимнен сезинип турман.
Мине, усындай, жоқары исеним ушын, ҳүрмет ҳәм итибар ушын көп миллетли мәрт ҳәм данышпан халқымызға перзентлик меҳири ҳәм садықлығы менен тәжим етемен.
Кандидатурамды алға қойған ҳәм сайлаў кампаниясы даўамында тийкарғы сүйенишим болған Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының ағзалары ҳәм белсендилерине биз бенен пикирлес болып, кандидатурамды қоллап-қуўатлаған «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының ўәкиллерине, барлық тәрепдарларым ҳәм исенимли ўәкиллериме шын кеўлимнен рахмет айтаман.
Сайлаўда мүнәсип қатнасқан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан талабан – Робахон Маҳмудоваға, Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан – Улуғбек Иноятовқа, Өзбекстан Экологиялық партиясынан – Абдушукур Ҳамзаевқа айрықша миннетдаршылық билдирип, олардың келеси жумысларына табыс ҳәм әўметлер тилеймен.
Әлбетте, биз ҳәр қыйлы сиясий партияларға тийисли болыўымыз, ҳәр қыйлы идея ҳәм көз қараслар тәрепдары болыўымыз мүмкин. Демократия дегени де тийкарында усы. Бирақ, тийкарынан қарағанда, ҳәммемиздиң, пүткил Өзбекстан халқының мақсети бир. Бизиң ҳәммемизди Ўатан, ел-халық мәпи бирлестиреди.
Сол себепли биз сайлаўда қатнасқан партияларымыздың бағдарламаларындағы ең әҳмийетли пикирлер ҳәм әмелий усынысларды келеси жумысымызда әлбетте итибарға аламыз. Бәршемиз Жаңа Өзбекстан деген бирден-бир ҳәм уллы мақсет әтирапында және де бирлесип, халқымыздың арзыў-әрманы болған мине усы ийгиликли идеяны әмелге асырыў жолында бирге ислесемиз.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Бүгин, усы салтанатлы мәресимде Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы сайлаўшыларына барлық район ҳәм қалаларымыз, аўылларымыз халқына, елимизде тынышлық, дослық ҳәм тилеклесликти беккемлеў жолында шын кеўилден хызмет етип атырған мәҳәлле белсендилерине, пуқаралық институты ўәкиллерине, турмысымыздың нуры болған әзиз ветеранларымызға, жәмийетимиздиң раўажланыўына шексиз үлес қосып киятырған қәдирли апа-қарындасларымызға, келешегимиз ийелери – нәўқыран жас әўладымызға, сүйикли ул-қызларыма, сырт еллерде оқып, мийнет етип атырған, Ўатан меҳири менен жасап атырған барлық ўатанласларымызға шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Ҳәзирги ўақытта өндирислик ҳәм социаллық тараўларда пидайы мийнет етип атырған жумысшы-хызметкерлерге, исбилермен ҳәм фермерлерге, дөретиўши қурылысшыларымызға, пидайы устаз ҳәм тәрбияшыларға, илим, дөретиўшилик ҳәм көркем өнер халқына, ҳүрметли уламаларымызға, халықтың саламатлығын сақлаў ҳәм беккемлеў жолында жан күйдирип атырған медицина хызметкерлерине, дүньядағы ең уллы ҳәм мақтанышлы ўазыйпаны атқарып атырған мәрт әскерлеримизге, барлық Ўатан қорғаўшыларына, жәҳән майданларында елимиз байрағын бәлент көтерип атырған мәрт спортшыларымызға айрықша рахмет айтаман.
Соның менен бирге, Орайлық сайлаў комиссиясы, округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссияларының ағзаларына, жергиликли ҳәкимликлер ҳәм сырт еллердеги елшилеримизге, дипломатиялық ўәкилханаларымыздың хызметкерлерине, сайлаў процесслеринде қатнасқан жергиликли ҳәм сырт ел бақлаўшыларына, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерине, журналист ҳәм блогерлерге шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.
Өзбекстан Республикасы Президенти етип сайланыўым мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларын жоллаған мәмлекетимиздиң барлық пуқараларына, сырт еллер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң басшыларына, сиясий ҳәм жәмийетлик ғайраткерлерге терең ҳүрметимди билдиремен.
Қәдирли ўатанласлар!
Халқымыздың бизге билдирген жоқары исеними барлығымыздан – депутат ҳәм сенаторлар, министр ҳәм ҳәкимлер, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң басшыларынан, ҳәр бир ўатанласымыздан белимизди және де беккем буўып, бурынғыдан еки-үш есе көбирек ғайрат ҳәм күш пенен ислеўди талап етеди.
Усы мәниде, алдымызда турған дәўир Өзбекстан ушын сиясий, экономикалық-социаллық, мәдений-гуманитарлық тараўларда түпкиликли бурылыс ҳәм үлкен өзгерислер дәўири болады. Кешеги нәтийже, кешеги көз қарас ҳәм нормалар енди тарийх. Олар енди бизди қанаатландырмайды.
Жаңа дәўир ушын жаңа идея ҳәм басламалар керек, жаңа нәтийжелер керек. Сонда ғана ол түпкиликли мәниде жаңа дәўир болады.
Өзиңиз көрип турсыз, бүгин дүнья қандай жеделлик пенен, кескин өзгерип бармақта. Дүнья көлеминде бир тарийхый дәўир жуўмағына жетпекте. Ҳәзирги ўақытта алдыннан таллап болмайтуғын процесслерден ибарат оғада қурамалы жаңа дәўир басланбақта.
Жер жүзиниң ҳәр қыйлы регионларында даўам етип атырған қураллы тартыслар глобал тынышлық ҳәм татыўлыққа аўыр зыян жеткермекте. Бундай тартыс ҳәм соқлығысыўлар, аяўсыз бәсеки саўда ҳәм инвестиция ағымларын, товар ҳәм хызметлер айланысын истен шығарып, азық-аўқат ҳәм энергетика қәўипсизлиги бойынша жаңа машқалалар пайда етпекте.
Дүнья көлеминде климат өзгериўи, тәбийғый байлықлар ҳәм суў ресурсларының күн сайын тамтарыс болып баратырғаны да турақлы раўажланыўға күшли унамсыз тәсир көрсетпекте.
Биз мине, усындай аўыр ҳәм қәўипли жағдайда халқымыздың мәплерине жуўап беретуғын бирден-бир дурыс жолды – нәтийжели ишки ҳәм сыртқы сиясат жолын анық белгилеп алыўымыз ҳәм оны қатаң әмелге асырыўымыз керек.
Реформаларымыздың тәсиршеңлиги ҳәм даўамлылығын тәмийинлеў ушын жолымызда ушырасыўы мүмкин болған барлық қәўип-қәтер, тосқынлықларды есапқа алыўымыз ҳәм олардан бүлгиншиликсиз өтиў илажларын көриўимиз зәрүр.
Барлығымыз биргеликте келешекке исеним менен умтылып, пүткил дыққат-итибарымызды алдымызда турған ўазыйпаларды шешиўге қаратыўымыз, халқымыз күтип атырған, дәўирдиң өзи талап етип атырған жаңа идея ҳәм басламаларды әмелге асырыўымыз керек.
Биз өтмиштен, кешеги тарийхымыздан, жол қойған қәте ҳәм кемшиликлеримизден зәрүр жуўмақлар шығарып, Өзбекстанымыздың дүньядағы орны ҳәм абырайын және де жоқарылатамыз, Ўатанымыздың абырайын, даңқын барлық тараўларда мүнәсип ҳәм мәртлерше қорғаўымыз керек.
Неге дегенде, бүгинги кескин бәсеки дүньясында кешеги норма ҳәм көзқараслар менен раўажланып болмайды. Ҳәзирги заман – бул кешеги заман емес.
Соның ушын, ҳәр бир имканияттан ақылға уғрас пайдаланып, ҳәр қандай машқаланы ақыл менен, илим менен шешиўимиз, ҳәр қыйлы сынақларды халқымыз бенен мәсләҳәтлесип, салдамлы болып жеңип өтиўимиз керек.
Паралментимиз, ҳүкиметимиз, министрлик ҳәм уйымлар, жергиликли ҳәкимликлер өзлериниң келеси жумысларын мине, усы факторлардың барлығын инабатқа алған ҳалда шөлкемлестириўи зәрүр.
Енди барлық тараў ҳәм тармақларда система өзегереди, жағдай өзгереди, нәтийжелилик өзгереди.
Биз сайлаўдың ертеңине-ақ белгилеп алынған үлкен мақсетлерди әмелге асырыў бойынша қатаң ҳәрекетлерди басладық. Себеби, ўақыт, турмыс бизди күтип турмайды. Дәўирдиң өзи барлығымызды жедел болыўға, керек болса ўақыттан озып ислеўге ийтермелемекте.
Кимде-ким «Сайлаў өтти – мобилизация тамам болды», деп ойласа, қәтелеседи. Ҳақыйқый мобилизация енди басланады. Себеби, халқымыз бизге исенип тапсырған үлкен-үлкен реже ҳәм бағдарламаларды орынламасақ, айтың, шеттен ким келип орынлап береди?
Келеси жети жылға мөлшерлеп ислеп шығылған стратегиялық мақсетлерге ерисиў ушын бизде барлық күш ҳәм имканиятлар бар.
Қүдиретли халқымызға сүйенип, ақылымыз, билим ҳәм тәжирийбемизди иске қосып, реформаларымыздың тезлигин ҳәм нәтийжесин және де арттырамыз, ҳеш қашан төменлетпеймиз. Қаншелли қыйын ҳәм машақатлы болмасын, таңлаған жолымыздан артқа қайтпаймыз.
«Ҳәр бир күн – бул имканият, ҳәр бир күн – бул келешек тийкары» деген сүрен бүгиннен баслап турмысымыздың қағыйдасына, ҳәр бир басшының, барлық халық депутатлары, министр ҳәм ҳәкимлердиң күнделикли жумыс бағдарламасына айланыўы шәрт.
Ҳүрметли депутат ҳәм сенаторлар!
Жаңаланған Конституциямызда мөрленген тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыў келешектеги жумысымыздың тийкарғы мәнис-мазмунын қурайды.
Сайлаўшылар менен болған барлық ушырасыўларда мен турмысымызды жақсылаў, оны ҳәр тәреплеме еркинлестириў ҳаққында адамларымыздың көплеген пикир-усыныслары, талаплары менен жақыннан таныстым. Олардың тийкарғы бөлеги биз ислеп шығып атырған раўажланыў бағдарламасынан әлбетте орын алады.
Усы мақсетте ҳәзирги ҳуқықый-нормативлик базаны жаңалаў бойынша алдымызда кең көлемли жумыслар турғанын сизлер әлбетте жақсы көз алдыңызға келтиресиз. Яғный, қандай жаңа нызамларды қабыл етиў, қайсы нызам ҳүжжетлерин өзгертиў керек екенлигин сизлер ҳәммеден де жақсы билесиз. Себеби сизлер ел-халқымыз исеним билдирген, нызамлы ўәкиллик берген халық ўәкиллерисиз.
Нызамшылық ҳәм атқарыў ҳәкимиятын жетилистириў, ықшам ҳәм нәтийжели басқарыў системасын шөлкемлестириўде биз сизлерге, сизлердиң бай тәжирийбеңиз, билим ҳәм потенциалыңызға, пидайылық пазыйлетлериңизге сүйенемиз.
Конституциямызда мөрлеп қойылғанындай, жанажан Өзбекстанымызды миллети, тили ҳәм динине қарамастан, ҳәр бир пуқарамыз тыныш ҳәм еркин, бахытлы ҳәм абадан жасайтуғын социаллық мәмлекетке айландырамыз. Соның ишинде, тәлим-тәрбия, денсаўлықты сақлаў, илим, мәденият ҳәм көркем өнер, спорт тараўларын раўажландырыў, жаңа турақ жайлар қурыў, халықты ишимлик суўы, энергия менен исенимли тәмийинлеў, социаллық инфраструктуралардың жумысын жақсылаў бойынша белгилеп алған ўазыйпаларды әлбетте орынлаймыз.
Биз ушын Ўатан рәмзи болған мәҳәлле системасын барлық рефорамаларымызда орайлық ҳәм шешиўши буўынға айландырамыз.
Исбилерменлик ушын және де қолайлы имканиятлар жаратып, жаңадан-жаңа жумыс орынларын ашыў, халықтың дәраматларын көбейтиў, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды заманагөй кәсип-өнерлерге оқытыў, олардың бәнтлигин арттырыў итибарымыз орайында болады.
Халықтың жәрдемге мүтәж қатламлары, майыплығы болған шахслар, жалғыз кекселерди қоллап-қуўатлаў, кәмбағаллықты қысқартыўға қаратылған жумысларды жаңа басқышқа алып шығамыз.
Сөзсиз, бир базар принциплерине тийкарланған күшли экономика менен бирге ата-бабаларымыздың бай мийрасы ҳәм миллий қәдириятларға тийкарланған күшли мәнаўиятқа сүйенемиз.
Сайлаўалды ушырасыўларында миллий өзлигимиз ҳәм ийгиликли қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаў, мәденият, руўхый-ағартыўшылық тараўларын раўажландырыў, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў бойынша белгилеп алған ўазыйпаларды сизлер менен, кең жәмийетшилик пенен биргеликте әмелге асырамыз.
Өзбекстанда барлық сиясий ҳуқықлар қатарында ҳүждан ҳәм исеним еркинлигиниң кепилликлери сөзсиз тәмийинленеди.
Биз демократия ҳәм ашықлық сиясатын избе-из даўам еттирип, конструктивлик оппазиция ҳәрекетин, сөз ҳәм баспасөз еркинлиги, пуқаралардың мәлимлеме алыў, оннан пайдаланыў ҳәм тарқатыўға болған ҳуқықларын кепиллеймиз.
Өзбекстан пуқаралары дүньяның қайсы үлкеси ямаса регионында болмасын, нызамларымыз қорғаўында болады. Сырт елдеги ўатанласларымыз бенен байланысларды және де беккемлеймиз.
Қәдирли ўатанласлар!
Сайлаўалды ушырасыўларда ҳәр бир аймақтағы ең әҳмийетли мәселеге байланыслы тийкарғы бағдарларды додалап алғанымыз әлбетте, бийкарға емес.
Мақсет – орайлық министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли ҳәкимликлер ҳәм жәмийетшиликти мине усы машқалалардың ишине тереңирек алып кириў, ҳәр бир аймақ бойынша шешимлерди анық көрсетип бериў еди.
Енди ҳүкимет те, министрликлер ҳәм уйымлар да, жергиликли ҳәкимликлер де мине, усы бағдарлар бойынша жумыс ислейди. Мақсет – анық, ўазыйпа – анық, әмелге асырылатуғын жойбарлар – анық, зәрүр қаржылар да анық белгилеп берилген.
Адамлар енди бизден жаңа әмелий жумысларды күтип атыр. Миллионлаған инсанлар – ата-аналарымыз, апа-қарындасларымыз, ул-қызларымыз бүгин бизге үмит ҳәм исеним көзлери менен қарап тур. Мине усындай үмит ҳәм исенимди ақлаў, ерискен жетискенликлеримизди жаңа нәтийжелер менен беккемлеў бизиң тек ғана ўазыйпамыз емес, ал инсаныйлық ўазыйпамызға айланыўы шәрт.
Барлық буўындағы басшыларға шырайлы, бәлентпәрўаз сөзине қарап емес, жумысының анық нәтийжесине қарап баҳа беремиз.
Нызамларды, адамларды менсинбейтуғын, оларға қопал мүнәсибетте болатуғын, бюрократия ҳәм коррупция бәлесине берилген ҳәр қандай басшы менен – ол министр ямаса ҳәким бола ма, басқа жуўапкер ўазыйпадағы ҳәмелдар бола ма – унамсыз ҳәрекетлери менен мәмлекеттиң абырайына зыян жеткерип атырған бундай адамлар менен үзил-кесил хошласамыз. Олардың орнына билимли, Ўатан ҳәм халықтың тәшиўиши менен жасайтуғын жас жигит-қызларды қоямыз.
Мине, қатарымызға елимиздеги, сырт елдеги абырайлы жоқары оқыў орынларында оқыған, ири компанияларда жумыс ислеген қаншадан-қанша потенциаллы жаслар кирип келмекте. Мен олардың тымсалында бәринен бурын ертеңги күнимиздиң жаңа басшыларын, аймақ, тармақ ҳәм тараўлардың шебер басқарыўшыларын көремен.
Экономика тараўында да түпкиликли бурылысларды әмелге асырамыз. «Жасыл экономика», «жасыл энергия» принциплерин және де кеңнен енгиземиз. Экономикамызға киргизилип атырған инвестициялардың көлемин бир неше есе арттырамыз.
Биз, 2030-жылға шекем ишки өнимимиздиң көлемин 160 миллиард долларға жеткериў сыяқлы оғада үлкен шекти алдық. Буған ерисиў әлбетте аңсат болмайды. Бирақ, бул жолда анық есап-санақларымыз, реал имканиятларымыз бар. Тәбийғый байлықларымыз, мийнет ресурсларымыз, интеллектуаллық ҳәм руўхый потенциалымыз, жумыс тәжирийбемиз жетерли.
Мен Өзбекстан жасларына және бир мәрте мүрәжат етпекшимен: әзиз ул-қызларым, бүгин тарийхтың өзи, заманның өзи сизлердиң алдыңызда шексиз имканиятлар ашпақта.
Ел-журт пайдасына бәринен бурын ким жарайды?
Әлбетте, сизлер!
Жаңа Өзбекстанды, Үшинши Ренессансты кима қурады?
Әлбетте сизлер!
Елимиз, халқымызды келешекте ким разы етеди?
Әлбетте, сизлер!
Халқымыз, Ўатанымыз сизлерге исенеди.
Сизлер Өзбекстан тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылатуғын уллы ислерди әмелге асырыўға уқыплысыз.
Жаслық- ғәниймет, ўақыт – ғәниймет, ўақыт барында атты қамшылаң! Мәмлекетимиз, халқымыз жаратып берип атырған имканиятлардың қәдирине жетиң! Дүньяға өз сөзиңизди айтың!
Излениў ҳәм умтылыўдан пүткиллей тоқтамаң!
Бахыт ҳәм әўмет бәрқулла сизлерге яр болсын!
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Экология ҳәм қоршаған орталықты қәстерлеп сақлаў, суў жетиспеўшилигиниң алдын алыў буннан былай да биз ушын әҳмийетли ўазыйпа болып қалады.
Биз, сөзсиз, экологиялық теңсалмақлылық, таза ҳаўа, таза суў, тәбият тәрепдарымыз. Бул мәселе биз ушын басқаларға қарағанда оғада әҳмийетли болып есапланады. Неге дегенде, биз дүнья жүзиндеги ең үлкен экологиялық апатшылық – Арал апатшылығын тиккелей өз басынан кеширип атырған халықпыз. Соның ушын ҳәзирги ўақытта республикамызда бийбаҳа экологиялық системаны сақлаў ҳәм беккемлеўге қаратылған кең көлемли бағдарламалар, соның ишинде, «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары әмелге асырылмақта. Биз келешекте бул жумысларды және де жедел даўам еттиремиз.
Жаңадан қурылатуғын санаат кәрханалары жойбарларында бул мәселе бойынша қатаң қадағалаў орнатылады. Аралбойы регионындағы экологиялық жағдайды жақсылаў ушын да барлық зәрүр илажларды көремиз.
Соның менен бирге биз тек ғана дийқаншылық пенен күн көретуғын мәмлекет болып қалмаўымыз керек. Биз қоршаған орталыққа зыян жеткермеген ҳалда, өндирис индустриясы күшли дәрежеде раўажланған мәмлекетке айланыўымыз зәрүр.
Мәмлекетимизде бүгин бар болған санаат потенциалы, ашықтан-ашық айтыў керек, дүнья жүзиндеги көп ғана мәмлекетлерде жоқ. Биз мине, усындай сийрек ушырасатуғын потенциалымызды және де раўажландырыў, елимизди қүдиретли индустрия мәканына, жоқары технологиялар, инновациялар, дүнья базарында бәсекиге шыдамлы болған сапалы өнимлер ислеп шығаратуғын заманагөй мәмлекетке айландырыў бойынша үлкен бағдарламалар қабыл еткенбиз ҳәм оларды әлбетте, әмелге асырамыз.
Биз тек ғана шебер пахтакеш ҳәм бағманлар үлкеси емес, ал IT бойынша жоқары маман қәнигелер, инженер ҳәм энергетиклер, кәнши ҳәм металлурглар, физик ҳәм химиклер мәмлекети болыўымыз керек.
Қәдирли ўатанласлар!
Өзбекстанымыздың жер асты ҳәм жүр үсти байлықлары көп. Бирақ бизиң ең үлкен күшимиз, бийбаҳа байлығымыз бул – бирден-бир, татыў шаңарақ болып жасап атырған көп миллетли халқымыз болып есапланады.
Болып өткен сайлаўлар бул ҳақыйқатты және бир мәрте дәлийллейди.
Бәршемиз миллетимиз, тилимиз ҳәм динимизге қарамастан, дүньямыз, елимиз тыныш болсын, Өзбекстанымыз абат болсын, перзент ҳәм ақлықларымыз саламат болып, заманагөй билим ҳәм кәсип-өнер ийелеп, турмыста өз орны ҳәм бахтын тапсын, деген жақсы нийет пенен жасаймыз.
Биз мәмлекетимиздеги 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллерине өз тили, мәденияты, үрп-әдет ҳәм қәдириятларын раўажландырыўы ушын зәрүр шараят жаратып бериўди избе-из даўам еттиремиз.
Исенимим кәмил, әзелден дослық ҳәм аўызбиршилик мәканы сыпатында жеңиске ерисип келген Өзбекстан жери буннан былай да ҳақыйқый инсаныйлық ҳәм кеңпейиллик дияры болып қалады.
Ҳүрметли дослар!
Ҳәзирги қәўетерли заманда елимиздиң тынышлығы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң исенимли кепили болған Қураллы Күшлеримиздиң қүдиретин және де арттырыў тийкарғы ўазыйпамыз болып есапланады. Усы мақсетте биз миллий армиямыздың қүдиретин, әскер ҳәм офицерлеримиздиң жаўынгерлик таярлығы, физикалық ҳәм руўхый таярлығын күшейтиўге итибарды және де арттырамыз.
Әскерий хызметкерлер ҳәм тараў ветеранларын, олардың шаңарақ ағзаларын қоллап-қуўатлаў, материаллық тәмийнатын және де жақсылаў, турақ жай менен тәмийинлеў, перзентлериниң заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерин иийелеўи ушын қосымша илажларды көремиз.
Биз терең ойлаған сыртқы сиясат ҳәм экономикалық дипломатия бағдарындағы ҳәрекетлеримизди избе-из даўам еттиремиз.
Бәринен бурын, регионымыз мәмлекетлери менен жақын дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де күшейтиў тийкарғы мақсетимиз болады.
Дүньяның узақ-жақын мәмлекетлери менен өз-ара пайдалы ҳәм көп тәреплемели байланысларды кеңейтиўге айрықша итибар беремиз.
Жақын қоңсымыз болған Аўғанстанда тыныш ҳәм парахат турмысты тиклеў ушын аўған халқына қолымыздан келген барлық жәрдемди көрсетемиз. Бул мәмлекет пенен биргеликте ири транспорт-коммуникация жойбарларын әмелге асырыўдан мәпдармыз.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм оның қәнигелескен структуралары, Парламентлераралық аўқам, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Түркий мәмлекетлер шөлкеми, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа да халықаралық, регионаллық шөлкемлер ҳәм қаржылық институтлары менен көп тәреплеме қатнасықларды жаңа басқышқа көтеремиз.
Әзиз ҳәм қәдирли ўатанласларым!
Биз сизлер менен, пүткил халқымыз бенен биргеликте тарийхый жағынан қысқа дәўирде, басымызға түскен қыйыншылық ҳәм машақатлар, пандемия ҳәм глобаллық кризис ақыбетлерине қарамастан, үлкен раўажланыў жолын басып өттик.
Қала ҳәм аўылларымыздың келбети, турмысымыздың түрли тараў ҳәм тармақлары пүткиллей өзгермекте. Халқымыз биз әрман еткен өзгерислердиң дәслепки жемислеринен заўықланбақта.
Данышпанлардың айтқанындай, алға жүриўди ойлаған инсан ушын қорқыў, екилениў ҳәм гүман – ең үлкен душпан болып есапланады.
Биз анық алға умтылып, қорқыў ҳәм сескениўден жырақ болдық. Дүнья бизге ашылды ҳәм биз дүньяға ашылдық. Дүньяда қаншадан-қанша дос ҳәм бирге ислесиўшилерди арттырдық. Жоқары ерк-ықрарымыз, айрықша ҳәрекетлеримиз бенен және де дөретиўши халық, миллет болып ортаға шықтық.
Мен сайлаўалды ушырасыўларда халқымыз ўәкиллери менен қызғын сөйлесип, бул ҳақыйқатқа толық исеним пайда еттим. Адамларымыз үлкен мақсетлерге умтылыўдан, баслама көрсетиўден, жаңалық жаратыўдан қорықпай атыр. Керисинше буннан заўық ҳәм илҳам алып, және де белсене жумыс ислеп атыр.
Халқымыздың сана-сезими, дүньяға көзқарасының өзгергени, оның кеўлинде өзине, ертеңги күнге исеним пайда болғаны – бул бизиң ең үлкен жетискенлигимиз.
Өзин өзгерте алған халық, әлбетте, турмысты да, социаллық орталықты да өзгерте алады, өзиниң мурат-мақсетлерине әлбетте жетеди. Мине, усындай уллы исеним менен жасап атырған халыққа басшы болып, оны жарқын мәнзиллерге қарай баслаў мен ушын бахыт, үлкен мәртебе болып есапланады.
Турмысымыздың мәнис-мазмунына айланған уллы мақсет – Жаңа Өзбекстанды, Үшинши Ренессанстың тийкарын салыў жолында сизлер менен, пүткил халқымыз бенен бирге тынымсыз ислесиўге, бар күш-ғайратым, билим ҳәм потенциалымды жумсаўға таярман.
Мениң менен бир қатарда сизлер сыяқлы әзиз қәдирданларым, дуўагөй ата ҳәм апаларымыз, азамат әжаға-үкелеримиз, меҳрибан апа-қарындасларымыз, күш-жигерли жасларымыздың бар екени маған таўсылмас күш-жигер, руўх ҳәм илҳам береди.
Исенимим кәмил, бәршемиз биргеликте Жаңа Өзбекстанды – инсан қәдири тийкарғы болған жәмийет ҳәм халықшыл мәмлекетти әлбетте қурамыз!
Бәршемизди мине усындай уллы мақсетлер жолында бирлестирген халқымыз, Ўатанымыз бәрқулла аман болсын!
Барлық ийгиликли ислеримизде Жаратқанның өзи мәдеткар болсын!
Жасасын Өзбекстан!
Жасасын Өзбекстан халқы!