Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер басшылары кеңеси мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзи
2023-07-04 19:30:00 / Анонслар

Ҳүрметли баслық!
Ҳүрметли делегация басшылары!
Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң гезектеги саммитинде барлық қатнасыўшыларды қызғын қутлықлағанымнан қуўанышлыман.
Ҳиндстан Республикасы Бас министри мырза Нарендра Модиға бүгинги ушырасыўымызды шөлкемлестиргени ушын билдирилген барлық миннетдаршылық сөзлерине қосыламан. Ҳиндстанның ШБШға биринши басшылығының табыслы болғанын атап өтемиз.
Самарқанд саммитинде ерисилген келисимлерге муўапық көп тәреплемели бирге ислесиўимиз жедел раўажланып баратырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен. Биз шөлкемимизди және де кеңейтиў ҳәм реформалаў бойынша қабыл етилген қарарларды әмелге асырыўды басладық.
Пурсаттан пайдаланып, Иран Ислам Республикасының Шанхай бирге ислесиў шөлкемине кириўи менен байланыслы барлық тәртип-қағыйда процесслериниң жуўмағына жеткени ҳәм бул мәмлекеттиң шөлкемге ағза болғаны менен Иран Президенти Иброҳим Раисийге билдирилген қутлықлаўларға қосыламан.
Өзбекстан, сондай-ақ, ШБШға ағза мәмлекет статусын алыў мақсетинде Беларусь Республикасының миннетлемелери ҳаққында қабыл етилип атырған қарарды да толық қоллап-қуўатлайды.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Барлығымыз халықаралық қатнасықлар системасында даўам етип атырған түпкиликли өзгерислердиң гүўасы болып турмыз.
Тилекке қарсы, геосиясий кескинлик ҳәм келиспеўшиликлердиң күшейиўи бақланбақта, глобал қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўға қарағанда жаңа қәўип-қәтерлер пайда болмақта, экология, азық-аўқат ҳәм энергетика қәўипсизлиги тараўында қәўип-қәтерлер ҳәўиж алмақта. Усы мүнәсибет пенен конструктивлик ҳәм исенимли қарым-қатнасты жолға қойыў айрықша зәрүрликке айланып баратырғаны өз-өзинен белгили.
Өзбекстан бәсеки ҳәм тартысларды шешиў, тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бойынша оптимал шешимлерди излеў ҳәм қарарларды қабыл етиўде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми орайлық орынды ийелеўи керек, деген принципиал позицияға әмел етеди.
Соны да атап өтиў керек, өз-ара пикирлесиў ҳәм исеним бағдарындағы ис-илажларды беккемлеў мақсетинде өткен жылы улыўма қәўипсизлик ҳәм абаданлық жолындағы тилеклеслик бойынша Самарқанд басламасын алға қойған едик.
Глобал көлемде күн тәртибинде турған ең әҳмийетли машқалаларды додалаў, олардың бийпаян регионымызға тәсирин баҳалаў ҳәм өз-ара шерикликте усыныслар ислеп шығыў мақсетинде биз БМШ, басқа да абырайлы халықаралық шериклер менен биргеликте бул Басламаның турақлы платформасын жолға қойыўды режелестирмектемиз.
Қәдирли кәсиплеслер!
ШБШ шеңбериндеги көп тәреплеме ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм беккемлеў жолынан барар екенбиз, бүгин биз шөлкемимиздиң табысы оның тийкарғы принциплерине қатаң әмел етиў тийкарында тәмийинленетуғынын жақсы түсинемиз. Булар шөлкемниң блоктан тысқары статусы, ашықлыққа қатаң садықлық, тең ҳуқықлылық ҳәм қарарларды консенсус тийкарында қабыл етиў принциплери.
Ең әҳмийетлиси, бизиң шериклигимиз түрли мәплер, қатнаслар, көзқараслар ҳәм шөлкемге ағза мәмлекетлер арасындағы мәдений өзгешеликлерди өз-ара ҳүрмет етиў ҳәм конструктив түсиниўге тийкарланады.
ШБШны раўажландырыўдың ҳәзирги басқышында биз оның регионаллық күн тәртибиндеги ең әҳмийетли мәселелерди шешиўде нәтийжели халықаралық структура сыпатындағы жетекшилик ролин сақлап қалыў ҳәм күшейтиў жүдә әҳмийетли, деп есаплаймыз.
Усы мүнәсибет пенен шөлкем шеңберинде қабыл етилген келисим ҳәм қарарларды инвентаризациялаў, шериклик институты ҳәм механизмлериниң жумысын аудиттен өткериў, шөлкемимизди модернизациялаў бойынша келисимлердиң әмелге асырылыўын жеделлестириўди мақсетке муўапық, деп билемиз.
Миллий талқылаў орайларын бирлестирген Экспертлер форумы шеңберинде ШБШ перспективалары бойынша биргеликтеги презентация жойбарын әмелге асырыўды да усыныс етемиз.
Бундай жумыслардың нәтийжелерин гезектеги саммитимиз даўамында көрип шығыўымыз мүмкин.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Бүгинги ушырасыўымыз күн тәртибинен келиб шығып, ШБШ шеңбериндеги шерикликти буннан былай да раўажландырыў бойынша анық усынысларымызды атап өтпекшимен.
Биринши. Биз «Шанхай руўхы»на муўапық, шөлкем шеңберинде өз-ара бирлик ҳәм түсинисиўди беккемлеўди шешиўши ўазыйпа деп билемиз.
Биз ШБШның жақсы қоңсышылық, исеним ҳәм трансшегаралық шериклик кодексин ислеп шығыў басламасын алға қоймақтамыз. Бул ҳүжжеттиң қабыл етилиў жаңа шараятларда тийкарғы ўазыйпаларды белгилеп алыў, көп тәреплеме бирге ислесиўди және де беккемлеў бойынша улыўмалық көзқараслар ҳәм комплексли илажларды ислеп шығыў имканиятын береди.
Екинши. ШБШ регионы бул үлкен экономикалық имканиятлар майданы, шөлкемимизге ағза барлық мәмлекетлердиң узақ мүддет даўамында турақлы раўажланыўы ушын платформа ҳәм ресурс базасы.
Сатып алыў қәбилети паритети бойынша жәҳән жалпы өниминиң үштен бир бөлеги, тиккелей сырт ел инвестицияларының дерлик 27 проценти ҳәм дүньядағы саўда көлеминиң 20 проценти ШБШ үлесине туўра келеди.
Шөлкемимизге ағза мәмлекетлер санаат ҳәм инновациялық раўажланыў көрсеткишлери бойынша жетекшилик етеди, үлкен интеллектуаллық потенциалға, энергетика ҳәм аграр тараўда бай ресурсларға ийе.
Усы мүнәсибет пенен бүгинги күнде ишки, яғный, регионаллық саўда ҳәм санаат-технологиялық кооперацияни раўажландырыў ушын улыўма мәканды қәлиплестириў бойынша басламаны алға қойыў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли.
Ҳүкиметлеримиз ҳәм жуўапкер мәкемелеримизге ШБШның инновациялық раўажланыў, санластырыў ҳәм роботластырыў, жасалма интеллект, биотехнология, фармацевтика ҳәм санааттың басқа да перспективалы тармақларын қамтып алыўшы Жаңа экономикалық пикирлесиў бағдарламасын қабыл етиў мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырма бериўди усыныс етемен.
Бундай жойбарларды алға қойыў мақсетинде Өзбекстанда ШБШға ағза мәмлекетлер регионларының инновациялық шериклиги ҳәптелигин, жоқары технологиялардың қоспа көргизбеси менен биргеликте өткериў нийетиндемиз.
Үшинши. ШБШ мәканында транспорт-коммуникациялық байланыслылықты күшейтиў бойынша комплексли илажларды қабыл етиў әҳмийетли.
Ҳәзирги ўақытта биз Арқа-Қубла ҳәм Шығыс-Батыс магистрал жолларын раўажландырыў бойынша бир қатар стратегиялық жойбарларды жедел алға қоймақтамыз. Бул бағдарда Қытай Қырғызстан Өзбекстан темир жолын қурыў жойбары бойынша әмелий жумыслар басланғанын айтып өтпекшимиз. Биз бул жөнелис бойлап, сондай-ақ, Аўғанстан арқалы Қубла Азия ҳәм Жақын Шығыс базарларына алып шығатуғын Иран ҳәм Пакистан портларына қарай мультимодал тасыўларды раўажландырмақтамыз.
Аналитиклердиң мағлыўматына бола, бул жойбарларды әмелге асырыў жүк тасыў көлемин бир неше есеге арттырыў, сондай-ақ, транспорт шығынларын үштен бир бөлекке азайтыў имканиятын береди.
ШБШ мәмлекетлериниң транспорт тараўындағы өз-ара байланыслылығына тийисли бирден-бир картаны ислеп шығыўды мақсетке муўапық, деп есаплаймыз. Бул бар «тосқынлықлар» ҳәм «бослықлар»ды анықлаў, удыўма, өз-ара интеграцияласқан транспорт-транзит системасын қәлиплестириў ушын тийкарғы илажлар менен жойбарларды белгилеп алыў мүмкиншилигин береди.
Бул мәселелерди мәмлекетлеримиз транспорт министрлериниң гезектеги кеңейтилген мәжилисинде ири транспорт-логистика компаниялары, операторлар ҳәм экспедиторлар, аналитик ҳәм усы тараў қәнигелерин кең тартқан ҳалда толық көрип шығыўды усыныс етемиз.
Биз Бирлескен Миллетлер Шөлкеми шафелигинде Өзбекстанда Регионлар аралық өз-ара байланыслылық орайын дүзиў бойынша басламамызды да шериклеримиз қоллап-қуўатлайтуғынына үмит етемиз.
Төртинши. «Жасыл» күн тәртибине байланыслы мәселелерге айрықша тоқтап өтпекшимен.
Бүгинги күнде барлық мәмлекетлеримиз бул бағдарда көп жумысларды алып бармақта. Бирақ, ШБШ майданында климат өзгерисине бейимлесиў, декарбонизация ҳәм «таза» технологияларды енгизиў, «ақыллы» аўыл хожалығы ҳәм суўдан үнемли пайдаланыўды раўажландырыў мәселелери бойынша және де тығыз муўапықластырыў ҳәм әмелий бирге ислесиў зәрүр.
Биз шөлкемимиз мәканында кейинги жылдың Экология жылы деп жәрияланыўын қоллап-қуўатлаймыз.
«Жасыл белбеў» бағдарламасы шеңберинде Регионаллық экологиялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм «жасыл» технологияларды енгизиў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлер режесин таярлаўды усыныс етемиз. Бул жумысты Өзбекстанда дүзилип атырған Орайлық Азия қоршаған орталықты үйрениў ҳәм климат өзгериси университети негизинде шөлкемлестириў мүмкин.
Бесинши. Азық-аўқат қәўипсизлигине байланыслы қәўетерлер артып баратырғаны мүнәсибети менен Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми менен биргеликте усы жылдың сентябрь айында Өзбекстанда бул мәселе бойынша халықаралық конференция өткериўди режелестирмектемиз.
Бул илаждың айрықша сессиясы усы мәселени глобал дәрежеде шешиўге әмелий үлес қосыў ушын улыўма принцип ҳәм көзқарасларды ислеп шығыў мақсетинде ШБШ мәмлекетлери шериклигине бағышланады.
Бул конференцияда сизиң мәмлекетлериңиз делегацияларын белсене қатнасыўға мирәт етемиз.
Алтыншы. Туризм тараўындағы бирге ислесиў тийкарғы үстин бағдарлардан бири есапланады.
Ҳәзирги ўақытта сапалы ҳәм оптимал баҳалардағы улыўмарегионаллық туристлик өнимлериниң жетиспеўшилиги айқын сезилмекте.
ШБШ регионында Туризмди раўажландырыў жылында туризм администрациялары, жетекши оператор ҳәм авиакомпаниялар арасындағы байланыслардың жеделлесиўин қоллап-қуўатлаймыз.
Самарқанд қаласындағы «Жипек жолы» халықаралық университетинде усы жылдың октябрь айында болып өтетуғын Жәҳән туристлик шөлкеми Бас ассамблеясының юбилей сессиясы шеңберинде ШБШ туризм индустриясын раўажландырыў бойынша биргеликтеги илимий-әмелий конференция өткериўди усыныс етемиз.
Жетинши. ШБШ мәмлекетлери бай мәдений-гуманитарлық потенциалға ийе.
Бул бағдарда муўапықластырылған сиясатты әмелге асырыў мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымызды және де жақынластырады, деп есаплаймыз.
Усы мүнәсибет пенен биз белсенди мәдений алмасыўлар бойынша жыллық календарьларды қәлиплестириў әмелиятын енгизиўди усыныс етемиз. Халықларымыздың бийтәкирар тарийхый мийрасы бойынша биргеликтеги көргизбелер, тиккелей ҳәм электрон платформалар негизиндеги концертлер, театрлардың гастроллары, форумлар, кинофестивальлар ҳәм презентациялар усы календарьдан орын алады.
Илимий ҳәм билимлендириў бағдарламаларын кенейтиў, шөлкемге ағза мәмлекетлер тиллеринде халықларымыздың әдебий мийрасын аўдарыў ҳәм баспадан шығарыў бойынша системалы жумысларды алып барыў әҳмийетли.
Сондай-ақ, «ШБШ алдынғы идеялар ҳәм келешек басламалары мәканы» темасында жаслар арасында пикирлесиўди кеңейтиў бойынша илажлар бағдарламасын таярлаў басламасын алға қоймақтамыз.
Сегизинши. Мәмлекетлеримиздиң турақлы раўажланыўы регионда бирден-бир ҳәм бөлинбес қәўипсизликти тәмийинлеў менен тығыз байланыслы.
Кәсиплеслерим тәрепинен ШБШның Регионаллық антитеррор дүзилмесиниң искерлигин жеделлестириў бойынша басламалар қоллап-қуўатланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен.
Биз Регионаллық антитеррор структура кеңесиниң көшпели мәжилислерин өткериў әмелиятын даўам еттириўди қоллап-қуўатлаймыз. Бул усы структураның заманагөй қәўиплерге жедел жуўап бериў бойынша имканиятларын арттырыўға хызмет етеди.
Сондай-ақ, көп тәреплеме әҳмийетли ҳүжжетлер Мәлимлеме технологиялары тараўындағы жынаятларға қарсы гүресиў бойынша бирге ислесиў ҳақкындағы шәртнама ҳәм ШБШ мәканында экстремистлик идеологияға қарсы гүресиў бойынша қоспа бағдарламаны таярлаў ҳәм қабыл етиўди тезлестириў зәрүр, деп есаплаймыз.
Бул ҳүжжетлердиң турмысқа енгизилиўи радикалласыў бағдарындағы қәўетерлерге мүнәсип жуўап болыўы, бузғыншы күшлердиң өз идеологиясын, биринши гезекте, жаслар арасында тарқатыўға болған урыныўларын зыянсызландырыўы лазым.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Күн тәртибимизде турған және бир әҳмийетли мәселе бул Аўғанстанда сақланып қалып атырған қурамалы жағдай.
Тилекке қарсы, бул мәмлекеттиң машқаласы ҳәм аўған халқының апатшылығы халықаралық күн тәртибинде екинши орынға шығып қалды. Кейинги пайытларда халықаралық көлемде әмелге асырылған барлық ҳәрекетлер күтилген нәтийжени бермеди. Аўғанстан халқының кем-кемнен аўырласып баратырған социаллық аўҳалы да соннан дәрек береди. Буның үстине, бул мәмлекетке көрсетилип атырған жәрдем көлеми сезилерли дәрежеде азайды.
Тек Бирлескен Миллетлер Шөлкеми шеңберинде Аўғанстан ҳүкимети менен конструктивлик қарым-қатнас орнатыў арқалы ғана бул машқалаға шешим табыў мүмкин, деп есаплаймыз.
Бул көп жағынан Аўғанстанның тиккелей қоңсылары ҳәм узақ мүддетли сиясий шешим табылыўынан ең көп мәпдар болған Шанхай бирге ислесиў шөлкеми мәмлекетлериниң сиясий ерк-ықрарына байланыслы.
Усы мүнәсибет пенен «ШБШ Аўғанстан» пикирлесиў топары түриндеги биргеликтеги жумысларды ҳәм мәсләҳәтлесиўлерди қайта тиклеў мақсетке муўапық, деп билемиз.
Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Әзиз дослар!
Сөзимниң жуўмағында Шанхай бирге ислесиў шөлкемине басшылықты қабыл етип алғаны мүнәсибети менен Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Кемелевич Тоқаевқа билдирилген қутлықлаў ҳәм тилеклерге қосыламан.
Сиз жәриялаған кең көлемли бағдарламаны әмелге асырыўда тығыз бирге ислесиўге таярмыз.
Сондай-ақ, Өзбекстанда болып өтетуғын президентлик сайлаўы мүнәсибети менен айтқан жыллы сөзлериңиз ҳәм табыслар тилегениңиз ушын сизларден шын кеўилден миннетдарман.
Исенимим кәмил, ушырасыўымыз нәтийжелери, бүгин алға қойылған басламалар, қабыл етилетуғын әҳмийетли қарарлар ШБШ мәканында көп тәреплемели шерикликти буннан былай да кеңейтиўге, халықларымыз арасындағы өз-ара бирлик ҳәм дослықты және де беккемлеўге хызмет етеди.
Итибарыңыз ушын рахмет.