Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қосылмаў ҳәрекети Қарым-қатнас топарының саммитиндеги шығып сөйлеген сөзи
2023-03-02 14:20:25 / Анонслар
Ҳүрметли Илҳам Ҳайдарович!
Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Бүгинги Қарым-қатнас топары саммитиниң барлық қатнасыўшыларын шын кеўлимнен қутлықлайман.
Гөззал ҳәм бийтәкирар Баку қаласында әнжуман қатнасыўшыларына көрсетилип атырған қызғын миймандослық ҳәм ушырасыўымызды жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын Әзербайжан Президенти ҳүрметли Илҳам Ҳайдарович Алиевке терең миннетдаршылық билдиремен.
Әзербайжан жетекшисиниң басшылығы дәўиринде Қосылмаў ҳәрекетиниң халықаралық ҳәрекетиниң халықаралық майдандағы орны ҳәм абырайының кескин артқанын айрықша атап өтиўди қәлер едим. Бул әҳмийетли платформа шеңберинде мәмлекетлеримиздиң ҳәр тәреплеме бирге ислесиўи жаңа басқышқа көтерилди.
Пандемия дәўириндеги қыйыншылықларға қарамастан, өз-ара тилеклеслик ҳәм татыўлығымыз және де күшейди. Шөлкем тарийхында биринши мәрте парламентлер ҳәм жаслар қанатлары шөлкемлестирилди.
Бул жетискенликлердиң барлығы қәдирли кәсиплесим Илҳам Гейдаровичтиң үлкен ҳәрекетлери ҳәм белсене интакерлиги, ағза мәмлекетлердиң мәплерин гөзлеп алып барған әмелий жумысларының анық белгиси болып есапланады.
Усы жерде Әзербайжан Президенти ҳәзирги қыйыншылықлы жағдайға қарамастан, мәмлекет экономикасын ҳәр тәреплеме жоқарылатыў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, мәмлекеттиң халықаралық дәрежедеги абырай-мәртебесин беккемлеў бағдарында салмақлы нәтийжелерге ерисип атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен.
Соның менен бирге, ҳүрметли туўысқанымның тарийхый әдалат тикленген аймақларда социаллық-экономикалық инфраструктура ҳәм жаңа имаратларды қурыў, халыққа қолайлы шараятлар жаратып бериўге қаратылған дөретиўшилик жумысларын айрықша атап өтиўди қәлер едим.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Таллаўлар соны көрсетпекте, соңғы жыллары инсаният пандемияға қарсы гүресиў менен бир қатарда, климат өзгериўи, тәбийғый апатшылықлар ҳәм техноген ҳәдийселердиң аянышлы ақыбетлерин де өз басынан өткермекте.
Бул машқалалардың көлеми күн сайын кеңейип, олар тек ғана айырым мәмлекетлер емес, ал пүткил бир регионлардың қәўипсизлиги ҳәм турақлы раўажланыўы ушын аўыр қәўип туўдырмақта. Әлбетте, бундай қыйын ҳәм қурамалы сынақлардан тек ғана биргеликте, бир-биримизди жақыннан қоллап-қуўатлаған ҳалда жеңип өте аламыз.
Усы мәниде, Өзбекстан 2030-жылға шекем мөлшерленген Сендай рамкалы бағдарламасының тийкарғы мақсетлерине ерисиў бойынша Глобал платформа жумысын және де күшейтиў тәрепдары екенин атап өтпекшимен.
Айрықша жағдайлардың себеплерин терең үйрениў ҳәм апатшылық ақыбетлерин нәтийжели сапластырыў мақсетинде Қосылмаў ҳәрекетиниң арнаўлы мониторинг ҳәм илимий изертлеў тармағын шөлкемлестириўди усыныс етемен. Бул институтты Өзбекстанға жайластырыўға таярмыз.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Пандемиядан кейинги дәўирде геосиясий ҳәм идеологиялық тартыслар күшейип, олардың тәсиринде дүньяның ҳәр қыйлы ноқатларында жаңа тынышсызлық ошақларының пайда болып атырғаны барлығымызды тәшўишке салмақта.
Буннан тысқары, Жақын Шығыс ҳәм Аўғанстанда узақ ўақыттан берли сақланып қалып атырған келиспеўшиликлердиң глобал шешими елеге шекем табылғаны жоқ. Әсиресе, соңғы ўақытлары барлық мәмлекетлерде өсип баратырған терроризм ҳәм экстремизмниң қәўип-қәтерине қарсы Шөлкем шеңберинде әмелий байланысларды күшейтиў күн сайын артып атырғанын айрықша атап өтпекшимен.
Сол мүнәсибет пенен, биз Қосылмаў ҳәрекетин терроризмниң ҳәр қандай көринисине қарсы гүрестиң халықаралық-ҳуқықый базасын беккемлеў бойынша улыўмалық умтылысларға жетекшилик етиўге шақырамыз.
Бул болса Ҳәрекетке ағза барлық мәмлекетлердиң Бирлескен Миллетлер Шөлкеми шеңберинде ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди және де жеделлестиретуғынына беккем исенемиз. Бул машқалаларды халықаралық көлемде нәтийжели шешиў ҳәм системалы маўапықластырыўда Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм оның қәнигелескен структуралары әлбетте, тийкарғы ролди атқарыўы зәрүр. Бирлескен Миллетлер Шөлкемин реформалаў процесинде, Қәўипсизлик Кеңесиниң қурамында келешекте Қосылмаў ҳәрекети ағзаларының турақлы орны болыўы керек.
Усы жерде аўған мәселеси бойынша алгоритмди келисиў ушын БМШ жанында Халықаралық сөйлесиўлер топарын дүзиўге байланыслы Өзбекстан усынысын қоллап-қуўатлайтуғынызға исенемен.
Глобал көлемде күн тәртибинде турған және бир әҳмийетли мәселе – бул даўам етип атырғаны ҳәм жуўмағы еле көринбей атырған экономикалық кризис белгилерин жумсартыў.
Ҳәммемиз жәҳән саўда байланысларының төменлеўи, санаат ҳәм логистика шынжырлары үзилиўиниң унамсыз тәсирин жақыннан тиккелей сезип атырмыз. Буннан тысқары, азық-аўқат өнимлери, суў ҳәм энергетика ресурсларының күн сайын жетиспей баратырғаны мәмлекетлеримиздиң социаллық-экономикалық системалары ушын аўыр сынақ болмақта.
Тилекке қарсы, бундай қыйын жағдайда ең үлкен салмақ ҳәм унамсыз тәсир, бәринен бурын, мине усы раўажланып атырған мәмлекетлерге түспекте.
Соны атап өтпекшимен, бүгинги саммит сыяқлы абырайлы әнжуманлар биринши гезекте өз-ара әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў, биргеликтеги бағдарламалар ҳәм ири жойбарларды әмелге асырыў ушын кең имканиятлар есигин ашып бериўи керек.
Бул ийгиликли режени әмелге асырыў мақсетинде, Шөлкемимиз саммитлери алдында Қосылмаў ҳәрекети Экономикалық форумын турақлы өткерип барыўды усыныс етемен.
Бундай әҳмийетли илажлар инновациялар, заманагөй билим ҳәм алдыңғы технологиялар алмасыўын жеделлестириўге, улыўма алғанда, төртинши санаат революциясы, атап айтқанда, ақыллы экономиканы раўажландырыў ушын беккем тийкар жаратыўға хызмет ететуғынына исенемен.
Ҳүрметли делегация басшылары!
Және бир әҳмийетли мәселеге итибарыңызды қаратпақшыман.
Пандемияның унамсыз тәсирин, биринши гезекте, өсип киятырған жасларымыз сезинбекте, десек, ҳақыйқат болады. Олардың сапалы тәлим ҳәм профессионал билим алыў, медициналық хызметлерден пайдаланыў ҳәм спорт пенен шуғылланыў имканиятлары кескин азаймақта. Ең жаманы, жас әўладтың келешектеги турмыста өзиниң мүнәсип орнын табыўға болған исеними төменлемекте. Сондай-ақ, мыңлаған жаслардың санасына бузғыншы ҳәм радикал идеялар тәсири де барған сайын күшеймекте.
Биз өткен жылы Ташкент қаласында бул мәселелердиң шешимине қаратылған, жаслар тәлим-тәрбиясына бағышланған екинши глобал конференцияны өткердик.
Бул бойынша сиясат ҳәм режелеримизди үйлестириў, топлаған тәжирийбелеримиз бенен ортақласыў мақсетинде Ҳәрекетимиз Жаслар тармағының «Шексиз имканиятлар саммити»н келеси жылы жәҳән цивилизациясының орайларынан бири болған тарийхый Самарқандта шөлкемлестириў нийетиндемиз.
Ҳүрметли дослар!
Биз Әзербайжанлы туўысқанларымызды Шөлкемимизге нәтийжели басшылығы ҳәм саммиттиң табыслы өтип атырғаны менен және бир мәрте қызғын қутлықлаймыз.
Сөзсиз, бүгин билдирилген барлық пикир-усыныслар, басламалар халықларымыздың улыўмалық раўажланыўы ҳәм абаданлығына хызмет етеди.
Итибарыңыз ушын рахмет.