Кәсип-өнерге оқытыў системасы бойынша усыныслар көрип шығылды
2023-10-05 09:35:00 / Jańalıqlar

Экономиканы раўажландырыўда профессионал билимлендириў айрықша орын ийелейди. Атап айтқанда, раўажланған мәмлекетлерде оқыўшылардың 75 процентине шекем кәсиплик билимлендириў менен қамтып алынған.
Мәмлекетимизде де бул тараў мийнет базарының талаплары тийкарында раўажландырып келинбекте. Орта буўын қәнигелери, тийкарынан, еки бағдарда – Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги системасындағы кәсип-өнер мектеплери ҳәм техникумлар сондай-ақ, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигине қараслы моноорайларда таярланбақта.
Ҳәзирги күнде 689 профессионал билимлендириў мәкемесинде 714 кәсип ҳәм қәнигелик сондай-ақ, 20 «Жумысқа мәрҳәмат» моноорайында халыққа 54 кәсип ҳәм 6 шет тили үйретилмекте.
Оқыўшыларға бир ўақытта ҳәм оқыў, ҳәм жумыс ислеп дәрамат табыў имканиятын беретуғын «дуал билимлендириў» түри енгизилди. Бул система нәтийжесинде 2 мың кәрхана менен биргеликте 6 мың жигит-қыз оқытылмақта. Сондай-ақ, жасларға 9-класстан кейин кәсип-өнер мектеби, 11-класстан болса колледж ҳәм техникумда ҳәр қыйлы қәнигеликлер үйретилмекте.
Соның менен бирге, тараўда белгили бир бослықлар да бар. Айырым билимлендириў бағдарламалары турмыс талабы менен байланыстырылмаған. Профессионал билимлендириў мектеп оқыўшыларын өзине тарта алмай атыр. Ақыбетинде қуўатлықлар толық қолланылмай атыр.
Моноорайлар орта буўын кадрларына болған талапты толық қанаатландыра алмай атыр. Питкериўшилерге маманлық разряды бериў енгизилмегенлиги себепли олар қосымша имтихан тапсырмақта. Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги менен профессионал билимлендириў арасында бирге ислесиў жоқ. Шет тиллерин үйретиў ҳәм тастыйықлаўшы ҳүжжет бериў бойынша жумыслар жетерли емес.
Бул кемшиликлерди сапластырып, кәсипке оқытыў сапасын арттырыў мақсетинде тийисли министрликлер тәрепинен жаңа усыныслар ислеп шығылған. Презентацияда жуўапкерлер бул бойынша ҳәр тәреплеме мәлимлеме берди.
Бул усынысларда сырт ел билимлендириў бағдарламаларын енгизиў, питкериўшилер маманлығының ишки ҳәм сыртқы базарда тән алыныўын тәмийинлеў, оқыўшыларды колледж ҳәм техникумларға кеңирек тартыў, моноорайларда кәсипке оқытыў сапасын жақсылаў илажлары нәзерде тутылған.
Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды жетилистириў бойынша қосымша тапсырмалар берди. Халықтың бәнтлиги ең әҳмийетли мәселе екени, жасларға кәсип-өнерлерди районлар қәнигелесиўинен ҳәм кәрханалар талабынан келип шығып, анық бағдарлар бойынша үйретиў керек екенлиги атап өтилди.
Кәсиплер ҳәм профессионал билимлендириў классификаторларын басқышпа-басқыш жаңалап, халықаралық стандартларға муўапықластырыў, профессионал билимлемлендириў мәкемелерин мектеп ҳәм жоқары оқыў орынлары менен үзликсиз байланыстырыў зәрүр екенлиги айтылды. Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги барлық кәсип-өнер билимлендириўи мәкемелерин бир пүтин система сыпатында муўапықластыратуғыны белгиленди.
Келеси оқыў жылынан ҳәр бир ўәлаятта дүнья тән алған бағдарлама тийкарында кәсип-өнерге оқытыў жолға қойылады. Олардың питкериўшилери халықаралық қәнигелик ҳәм шет тили сертификатына ийе болады. Сондай-ақ, алдыңғы кәсиплик билимлендириў ҳәм кәсипке оқытыў сапасын тәмийинлеў нормалары енгизиледи.
Моноорайларда кәсиплер жумыс бериўшилердиң буйыртпасы тийкарында оқытылады, бул питкериўшилердиң жумысқа жайласыўында әҳмийетли фактор болады.
Жуўапкерлерге профессионал билимлендириў системасын раўажландырыўдың ҳәр жылғы бағдарламасын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

