Хожели районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халықаралық финанс институтларының кредит қаржыларын өзлестириў бойынша тийисли тараў жуўапкерлер тәрепинен семинар өткерилди.
2025-08-09 17:00:00 / Министрлик

Хожели районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халықаралық финанс институтларының кредит қаржыларын өзлестириў бойынша тийисли тараў жуўапкерлер тәрепинен семинар өткерилди. Оған райондағы тийисли мәкеме, шөлкем баслықлары, исбилерменлер ҳәм фермер хожалықлары басшылары қатнасты. Семинар даўамында исбилерменлик субъектлерине халықаралық финанс институтларының қатнасыўында қаржыландырылып атырған жойбарлар, оларды әмелге асырыў тәртиплери, бир қанша имкәниятлар ҳәм кредит ажыратыў механизмлер бойынша толық түсиниклер берилди.



