"Тақыятас балалар үйи" жумысы тоқтатылды
2025-10-15 14:30:00 / Министрлик

"Тақыятас балалар үйи" жумысы тоқтатылды
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 14-ноябрьдеги ПҚ-185-санлы "Балаларды социаллық қорғаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы Пәрманы, сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 27-декабрьдеги 893-санлы "Жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды жайластырыў түрлери бойынша айырым нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди тастыйықлаў ҳаққында"ғы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги директорының 2025-жыл 29-сентябрьдеги 326-санлы буйрығына муўапық, усы күнге шекем жумыс алып барып атырған "Тақыятас балалар үйи"ниң жумысы рәсмий тоқтатылды.
"Тақыятас балалар үйи"нде тәрбияланып келген балалар белгиленген тәртипте Нөкис қаласында жаңадан шөлкемлестирилген "Киши көлемли балалар үйи"не көширилди. Жаңа мәкемеде балалар ушын заманагөй билимлендириў, дем алыў ҳәм жеке қәбилетлерин раўажландырыў ушын барлық шараятлар жаратылған.
Сондай-ақ, оларды жаңа орталыққа бейимлестириў, руўхый ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде тәжирийбели социаллық хызметкерлер, психологлар ҳәм тәрбияшылар жумыс алып бармақта.
Бул өзгерислер мәмлекетимизде жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды мәмлекетлик қорғаўға алыў системасын заманагөй басқышқа алып шығыў жолындағы әҳмийетли әмелий қәдемлерден бири болып есапланады.
Дерек:
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баспасөз хызмети
