Тақыятас районында исбилерменлик субектлери ушын қолайлы қурылыс инфраструктурасы жаратылмақта
2025-07-04 16:25:00 / Министрлик

Тақыятас районында исбилерменлик субектлери ушын қолайлы қурылыс инфраструктурасы жаратылмақта
Тақыятас районында исбилерменликти раўажландырыў, жеке меншик сектордың жумысын және де жанландырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде қурылыс тараўында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бул процессте аймақтағы исбилерменлик субъектлери ушын заманагөй ҳәм турақлы инфраструктура жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Әсиресе, киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери ушын арнаўлы санаат зоналары шөлкемлестирилип, оларда жаңа өндирислик имаратлар, саўда комплекслери ҳәм хызмет көрсетиў обектлери қурылмақта. Ҳәр бир имарат электр, суў, канализация, интернет ҳәм жол менен тәмийинленип, исбилерменлер ушын барлық шараятлар жаратылмақта.
Қурылыс процесслеринде заманагөй архитектура, энергияны үнемлейтуғын технологиялар ҳәм экологиялық стандартлар есапқа алынбақта. Бул болса тек ғана исбилерменлик жумысы ушын емес, ал қоршаған орталық ҳәм халық ушын да қолайлық жаратыўға хызмет етпекте.
Бүгинги күнде Тақыятас районындағы қурылыс жумыслары тек ғана экономикалық өсиўди тәмийинлеў емес, ал жеке меншик сектор арқалы халықтың дәрамат дәреклерин кеңейтиў ҳәм аймақты унамлы инвестициялық орталыққа айландырыўға қаратылғаны менен әҳмийетли.
Район ҳәкими Камилжан Айтбаев ҳәм бир топар жуўапкерлер "Тазабай Строй" ЖШЖ тәрепинен қурылып атырған объектте болды. Бул жердеги қурылыс жумысларының процесслери менен жақыннан танысты.






