"Айдын жол"дың жасларының келешеги айдын болады
2025-07-11 10:30:00 / Министрлик

"Айдын жол"дың жасларының келешеги айдын болады
Елимизде билимлендириўдиң сапасын буннан былай да арттырыў, балалар ушын мүнәсип тәлим-тәрбия шараятларын жаратыў мақсетинде бир қатар реформалар әмелге асырылмақта.
Усы мақсетте, Президентимиздиң тийисли қарары тийкарында райондағы "Айдын жол" мәҳәллесинде заманагөй талапларға жуўап беретуғын жаңа улыўма билим бериў мектебиниң қурылыс жумыслары даўам етпекте.
Мектеп 176 оқыўшыға мөлшерленген болып, заманагөй оқыў ханалары, пән лабораториялары, мәлимлеме технологиялары классы, спорт залы, асхана ҳәм китапхана менен үскенеленеди.
Жаңа мектептиң жумыс баслаўы тек оқыўшылар емес, ал пүткил мәҳәлледеги халық ушын үлкен қолайлық жаратады. Бул болса жас әўладтың сапалы билим алыўына ҳәм келешекте елимизге мүнәсип пуқаралар болып жетилисиўине тийкар жаратады.

