Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиниң гезектеги жетинши шақырық 11-сессиясы болып өтти
2025-07-29 18:50:00 / Министрлик

Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиниң гезектеги жетинши шақырық 11-сессиясы болып өтти
Тақыятас районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиниң гезектеги жетинши шақырық 11-сессиясы болып өтти.
Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары, мәҳәлле жетилиги ҳәм тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сессияда Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиниң баслығы К.Айтбаев басқарып барды.
Сессия күн тәртибинде 11 мәселе көрип шығылды ҳәм сессия қарары қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги биринши мәселе бойынша Тақыятас районы прокуроры Азат Қыпшақбаевтың 2025-жылдың өткен дәўири даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 3-январьдағы "2025-жылда Республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша илажлар ҳаққында"ғы ПҚ-1-санлы қарарының орынланыўы бойынша және жынаячылыққа қарсы гүресиў ҳәм коррупцияның алдын алыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар бойынша мәлимлемеси тыңланды ҳәм сессия қарары қабыл етилди.
Кейинги мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 3-январьдағы "2025-жылда республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша илажлар ҳаққында"ғы ПҚ-1-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде районда ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профильактикасы жағдайы, жәмиетлик қәўипсизлик бойынша районлық Ишки ислер бөлими баслығы И.Салиевтиң есабаты тыңланды ҳәм сессия қарары қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2025-жыл 22-апрель күнги 139-Б санлы ҳәм 2025-жыл 17-июль күнги 161-Б санлы бийликлерин тастыйықлаў ҳаққында сессия қарары қабыл етилди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 27-февраль күнги "Аймақларда 2025-жылда "аз қәрежетлилик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў" бағдары тийкарында бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм санлылығын арттырыў илажлары ҳаққында"ғы баянатына тийкарланып, үйрениў жумысларында анықланған оптималластырыў есап бетлерине өткерилген қаржылар ҳаққында район ҳәкиминиң биринши орынбасары С.Алламбергеновтың есабаты тыңланып, депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.
Сурхандәря ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Тақыятас районын социаллық-экономикалық раўажландырыў илажларын әмелге асырыў бойынша "Жол картасы"ның орынланыўы ҳаққында район ҳәкиминиң орынбасары Т.Музробовтың есабаты тыңланды ҳәм қарар қабыл етилди.
Кейинги мәселе Тақыятас районлық Әдиллик бөлими баслығының райондағы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилик жумысы ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайы ҳаққындағы мәлимлемеси ҳаққында районлық әдиллик бөлими баслығының есабаты тыңланды ҳәм қарар қабыл етилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 10-февральдағы "Нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўде мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының жеке жуўапкершилигин күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы Пәрманы, 2021-жыл 31-майдағы "Ижро.гов.уз" орынлаў тәртиби уйымлараралық бирден-бир электрон системасының нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлеўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында"ғы ПҚ-5132-санлы қарарының орынланыўы бойынша Тақыятас районы ҳәкимлигиниң орынлаў-тәртиби ҳаққында район ҳәкимлиги орынлаў тәртибин қадағалаў бөлиминиң бас қәнигеси З.Сапарованың есабаты тыңланды ҳәм сессия қарары қабыл етилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 11-сентябрьдеги "Өзбекстан - 2030" стратегиясы ҳаққында"ғы ПП-158-санлы Пәрманы ҳәм усы жылдың 30-июнь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша белгилеп берилген ўазыйпалар ҳәм районда жаслардың машқалаларын шешиў, бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың жағдайы бойынша Жаслар ислери агентлиги районлық бөлиминиң баслығы Ш.Жумамуратовтың есабаты тыңланып, сессия қарары қабыл етилди.
Тақыятас районлық медицина бирлеспесинде 2025-жыл 6 ай даўамында орынланған жумыслар ҳаққында районлық медицина бирлеспеси баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Д.Айтымбетовтың есабаты тыңланып, сессия қарары қабыл етилди.
Тақыятас районы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими тәрепинен усы жылдың 5-март күни мәмлекетимиз басшысының "Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў бойынша" миллий Кеңесиндеги баянатынан келип шыққан ҳалда, тараўда алып барылып атырған жумысларды таллаў бойынша Тақыятас районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлиминде Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм ишки қадағалаў бойынша ис жүргизиўши С.Алланазаровтың есабаты тыңланды ҳәм сессия қарары қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги соңғы мәселе Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиниң 2025-жыл 1-марттағы ВИИ-6-36-13-215-К/25-санлы қарарына өзгерис киргизиў ҳаққында болып, депутатлар бул бойынша да тийисли қарарды қабыл етти.
Соның менен халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиниң 11-сессиясы өз жуўмағына жетти.








