Инсан ҳуқықларын тәмийнлеўге қаратылған нызам
2025-07-19 14:25:00 / Министрлик

Инсан ҳуқықларын тәмийнлеўге қаратылған нызам
Өзбекстан Республикасы Конституциясында инсан ҳуқықларын тәмийнлеў, инсан ҳуқықларын қадрлеў ҳәм инсан ҳуқықларын тәмийнлеў баслы мақсет етип қойылған.
Сол себепли, инсан ҳуқықларын тәмийнлеў, инсан ҳуқықларын қорғаўға қаратылған нызам ҳүжжетлери қәбыл етилмекте.
Өзбекстан Республикасының 2025-жыл 09-июнь күни қабыл етилген 1067-санлы Нызамы менен Өзбекстан Республикасы “Судлар ҳаққында”ғы Нызамына бир қанша өзгерислер киргизилди.
Нызамға киргизилген өзгерислерге көре, Өзбекстан Республикасында суд ислерин жүритиў өзбек тили, қарақалпақ тилинде ямаса мәлим жасаў жайындағы көпшилик турғынлар сойлесетугын тилде ямаса нызамға муўапық басқа тилде алып барылады.
Өзбекстан Республикасы пуқаралары, сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар мәмлекетлик уйымлардың нызамға муўапық болмаған қарарлары, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги үстинен, сондай-ақ, олардың тууысқанларының судланғанлығы ҳәм буннан келип шығыўшы ҳуқыйқый әкибетлер мүнәсибети менен ҳуқықларының шеклениўинен, өмири ҳәм ден-саўлығы, абыройы ҳәм қадир қымбаты, жеке еркинлиги ҳәм мал-мүлки, басқа ҳуқық ҳәм еркинликлериниң бузылыўына суд қорғаўында болыў ҳуқықына ийе. Юридикалық шахслар да суд қорғаўында болыў ҳуқықына ийе болып есапланады.
Әдил судлаўды әмелге асырыўда ҳәр бир кисиге сыпатлы юридикалық жәрдем алыў ҳуқықы кепилленген. Гуманланыўшыға, айыпланыўшыға, судланыўшыға суд ислерин жүритиўдиң ҳәр қандай басқышында қорғалыў ҳуқықы ҳәм өзин қорғаў ушын барлық имканиятлар менен тәмийнленеди. Буннан басқа нызамда нәзерде тутылған жағдайларда сыпатлы юридикалық жәрдем көрсетилиўи тәмийнленген.
Мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем менен тәмийнлеў тәртиби Өзбекстан Республикасы “Мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсетиў ҳаққында”ғы 2023-жыл 16-июнь күнги 848-санлы Нызамында белгиленген.
Жынаят садир еткенликте айыпланған шахс оның айыбы нызамда нәзерде тутылған тәртипте ашық суд додалаў жолы менен дәлийлленбегенге шекем ҳәм судтың нызамлы күшине кирген ҳукими менен анықланланбағанға шекем айыпсыз деп есапланады.
Айыплылық бойынша барлық гуманлар, егер оларды сапластырыў имканиятлары болмаса, гуман қылыныўшының, айыпланыўшының яки судланыўшының пайдасына шешиледи. гуман қылыныўшының, айыпланыўшы яки судланыўшы өзиниң айыпсызлығын дәлийллеўи шәрт емес ҳәм қәлеген ўақытта үнсизликти сақлаў ҳуқықынан пайдаланыўы мүмкин.
Бул конституциялық норманың нызамларға киргизилиўи судта инсан ҳуқықларының тәмийнленыўы, қорғалыўында оғада әхемийетлы болып, пуқаралардың әдил судлаўға болған исенимин жәнеде асырады.
Р.Худайберганова
Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судьясы
