"Агро банк"тиң жаңа филиалы Тақыятас районында жумыс баслады
2025-07-22 17:20:00 / Министрлик

"Агро банк"тиң жаңа филиалы Тақыятас районында жумыс баслады
Клиентлерге және де жақын болыў, банк хызметлериниң қолайлы ҳәм сапалы көрсетилиўин тәмийинлеў мақсетинде, "Агробанк" АКБ ның жаңа филиалы Қарақалпақстан Республикасы, Тақыятас районында өз жумысын баслады.
Бул жаңа филиал заманагөй талапларға жуўап беретуғын шараятларға ийе болып, физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге кең көлемли банк хызметлерин көрсетеди. Соның ишинде, есапбетлер ашыў, кредитлеў, пластик карталар менен ислесиў, пул өткермелери ҳәм басқа да финанслық хызметлер усынылады.
Жаңа филиалдың иске түсирилиўи район халқы ҳәм исбилерменлик субектлерине финанслық хызметлерден пайдаланыўда қолайлық жаратады ҳәм жергиликли экономиканың раўажланыўына хызмет етеди.





