Тақыятас районында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта
2025-07-26 17:05:00 / Министрлик

Тақыятас районында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта
Алдын айтқанымыздай районымызда ишки жолларды сақлаў ҳәм оңлаў жумыслары кең көлемде әмелге асырылмақта. Районның түрли мәҳәлле ҳәм көшелеринде жәми 7 километр 58 метр ишки асфальт жолларды оңлаў жумыслары даўам етпекте.
Бүгинги күнде усы жол оңлаў бағдарламасының бир бөлеги сыпатында Ш.Рашидов көшесиндеги ишки жоллар қурылыс жумыслары жедел алып барылмақта. 1 ярым километр жерге абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў мақсетинде суў линиясын тартыў жумыслары қызғын даўам етпекте. Бул илажлар жергиликли халық ушын жол ҳәрекети қәўипсизлигин арттырыў, транспорт қуралларының үзликсиз ҳәрекетин тәмийинлеў ҳәм улыўма инфраструктураны және де жақсылаўға қаратылған.
Келешекте бул жоллар район халқы ҳәм мийманлары ушын қолайлы ҳәм қәўипсиз ҳәрекетлениў орталығын жаратыўға хызмет етеди. Бул болса жергиликли экономикалық ҳәм социаллық жумыслардың раўажланыўына унамлы тәсир көрсетеди.









