Исбилермен ҳаял көрик таңлаўы болып өтти
2025-07-28 11:05:00 / Министрлик
Бүгин 7-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде районлық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы менен биргеликте «Исбилермен ҳаял» көрик таңлаўы болып өтти.

Исбилермен ҳаял көрик таңлаўы болып өтти
Бүгин 7-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде районлық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы менен биргеликте «Исбилермен ҳаял» көрик таңлаўы болып өтти.
Онда районның белсенди ҳаял-қызлары өзлериниң ислеп шығарыў өнимлери, қол өнери буйымлары менен қатнасты. Илажда район ҳәкими орынбасары Гулзира Бекбергенова сөзге шығып, бәрше ҳаял-қызларға әўмет тилеп, алдағы жумысларында тасқын табыслар тиледи. Оннан соң, бир топар белсенди ҳаял-қызлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.






