Тақыятас районы ҳәкиминиң мектеп питкериўшилерине байрам қутлықлаўы
2025-05-24 07:00:00 / Администрацияның баянатлары ҳәм сөйлеўлери

Қәдирли питкериўшилер, әзиз жаслар!
Сизлерди мектеп билимлендириўин табыслы тамамлап, еркин турмысқа, гөззал ҳәм жуўапкершиликли басқышқа қәдем қойып атырғаныңыз бенен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.
Бүгин районымыздағы улыўма билим бериў мәкемелеринде "соңғы қоңыраў"лар жаңлап, қәдирдан мектебиңиз, меҳрийбан устазларыңыз бенен хошласыў илажлары өткерилип атырған бул қуўанышлы демлерде бәршеңизге келешектеги өмирде үлкен жетискенликлер ҳәм әўметлер тилеймен.
Сиздей әзиз жасларымыз тымсалында тәлим-тәрбия тараўындағы ҳәрекетлердиң және бир әмелий нәтийжесин, халқымыз ҳәм Ўатанымыз келешегин көремиз.
Быйыл районымызда 754 питкериўшилеримиз "Соңғы қоңыраў"лар менен үлкен өмирге қәдем қоймақта. Әлбетте, бул биринши табыс, биринши шек!
Жақты ҳәм пәк нийетлер босағасында бәршеңизге үлкен өмирге қарай қайырлы жол, узақ өмир тилеймен.
Тақыятас районы ҳәкими Камилжан Айтбаев
