Ҳаял-қызлардың гендер теңлигин тәмийинлеўши нызам ҳүжжетлери Өзбекстан Республикасында
2025-05-29 14:10:00 / Министрлик

Ҳаял-қызлардың гендер теңлигин тәмийинлеўши нызам ҳүжжетлери Өзбекстан Республикасында
Гендер теңлиги - бул ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардың ҳуқықлары менен имканиятларын теңлестириў, оларды социаллық, экономикалық, сиясий ҳәм мәдений тараўларда бирдей дәрежеде тәмийинлеў дегени. Республикасы Өзбекстанда ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм гендер теңлигин тәмийинлеўге қаратылған көплеген нызам ҳүжжетлери болып, олар мәмлекеттиң ҳуқықый системасының әҳмиетли бөлегин қурайды.
Бәринен бурын, Өзбекстан Республикасы Конституциясында гендер теңлигиниң тийкарлары белгилеп қойылған. Конституцияның 18-статьясында барлық пуқаралар жынысына қарамастан, ҳуқық ҳәм еркинликлери тең екени анық көрсетилген. Сондай-ақ, 29-статья мийнет етиў ҳуқықын кепиллеп, мийнет қатнасықларында жынысы бойынша кемситиўге жол қойылмаслығын белгилейди. Бул нормальар гендер теңлигиниң ҳуқықый тийкары есапланады.
Мийнет тараўында да ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаўға айрықша итибар қаратылады. Мийнет кодексинде кемситиўге жол қоймаў, ҳаял-қызларға аналық дем алыс ҳәм дем алыс ҳуқықларын тәмийинлеўге байланыслы қағыйдалар бар. Мысал ушын, аналық дем алысы 126 күнди қурайды ҳәм ҳаяллар ушын аўыр ҳәм зыянлы жумысларда ислеў шекленген. Бул ҳаял-қызлардың саламатлығын қорғаўға қаратылған әҳмиетли кепиллик болып есапланады.
Шаңарақ тараўындағы ҳуқықый жақтан, Шаңарақ кодекси ҳаяллар ҳәм еркеклердиң неке, некеден ажырасыў, перзент тәрбиясында теңлик ҳуқықларына ие екенлигин белгилейди. Шаңарақлық қатнасықларда зорлыққа жол қоймаў ҳәм оның алдын алыў илажлары да енгизилген.
Ҳаял-қызлардың ҳуқықларын тәмийинлеўге қаратылған арнаўлы нызамлар да бар. Соның ишинде, "Ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў ҳаққында"ғы нызам ҳаял-қызларды социаллық-экономикалық тараўларда теңдей имканиятлар менен тәмийинлеўге қаратылған. Сондай-ақ, 2019-жылы қабыл етилген "Зорлықтан қорғаў ҳаққында"ғы нызам ҳаял-қызларды шаңарақлық ҳәм жәмиеттеги зорлықтан қорғаўға қаратылған анық илажларды белгилейди, зорлыққа ушыраған ҳаял-қызларға оператив жәрдем ҳәм суд қорғаўын кепиллейди.
Өзбекстан халықаралық миннетлемелерди де орынлайды. Мәмлекет БМШтың ҳаял-қызларға қарата кемситиўдиң барлық түрлерин сапластырыў ҳаққындағы коньвенциясы, инсан ҳуқықлары жер жүзилик декларациясы ҳәм басқа да халықаралық ҳүжжетлерге қосылған болып, олар ишки нызамшылыққа да унамлы тәсир көрсетпекте.
Мәмлекет тәрепинен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға байланыслы бағдарламалар да әмелге асырылмақта. Мәселен, 2017-2021-жылларға мөлшерленген "Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм гендер теңлигин тәмийинлеў" мәмлекетлик бағдарламасы арқалы ҳаял-қызлардың билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, исбилерменлик ҳәм социаллық белсендилигин арттырыў мақсет етилген. Сондай-ақ, гендер орайлары ҳәм мәсләҳәт хызметлери ҳаял-қызларға ҳуқықый жәрдем көрсетеди.
Жуўмақлап айтқанда, Өзбекстанда ҳаял-қызлардың гендер теңлигин тәмийинлеў бойынша ҳуқықый база жақсы раўажланған. Конституция, мийнет ҳәм шаңарақ кодекслери және арнаўлы нызамлар ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғайды ҳәм оларға социаллық-экономикалық тараўларда теңдей имканиятлар жаратады. Бирақ, әмелий турмыста гендер теңсизлик машқалалары елеге шекем бар болып, оларды сапластырыў ушын мәмлекет ҳәм жәмиеттиң және де кең көлемли бирге ислесиўи ҳәм ҳәрекетлери зәрүр.
Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судының судьясы А.Салиев
