"ӘҲМИЙЕТЛИ 30 КҮНЛИК" ШЕҢБЕРИНДЕ ӨРТ ҚӘЎИПСИЗЛИГИ БОЙИНША ТАКТИКАЛИҚ ОҚЫЎ ШЫНИЫҒЫЎ ӨТКЕРИЛДИ.
2025-05-28 10:00:00 / Министрлик

"ӘҲМИЙЕТЛИ 30 КҮНЛИК" ШЕҢБЕРИНДЕ ӨРТ ҚӘЎИПСИЗЛИГИ БОЙИНША ТАКТИКАЛИҚ ОҚЫЎ ШЫНИЫҒЫЎ ӨТКЕРИЛДИ
"Тақыятас ЫЕС" АЖда Обектлерде өрт қәўипсизлигин тәмийинлеўди шөлкемлестириў бөлими менен биргеликте өрт өшириў әмелий тактикалық шынығыўы болып өтти.
Илаждан гөзленген тийкарғы мақсет пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, өрт ямаса басқа айрықша жағдайларда тараўлық хызмет хызметкерлериниң биргеликтеги ҳәрекетлерин муўапықластырыўға қаратылған.
Шынығыўларға 50 ден аслам хызметкер, 3 тийкарғы өрт өшириў ҳәм 5 арнаўлы техника тартылды.
Арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўлары даўамында шәртли түрде өрт келип шыққанынан кейин өртти өшириў ҳәм жәбирленгенлерге биринши тез медициналық жәрдем көрсетиў бойынша әмелий ҳәрекетлер әмелге асырылды.
Илаж соңында қәнигелер тәрепинен айрықша жағдайларда ҳәрекет етиў, өрт өшириў үскенелеринен дурыс пайдаланыў бойынша түсиниклер берип өтилди.




