Жипек қуртын бағыў дәраматлы тараў
2025-05-18 17:25:00 / Министрлик

Тақыятас районы ҳәкиминиң орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы Г.Бекбергенова Тақыятас районындағы "Кенегес" мәҳәллесиндеги наўқан қуртларының бағылыў жағдайлары менен танысты. Пиллешилик пенен шуғылланып атырған ҳаял-қызлар менен сәўбетлести.
Усы жылы районымызда 200 ден аслам ҳаял-қызлар пиллешилик пенен шуғылланып келмекте. Дәслеп олар жипек қуртын бағыў бойынша арнаўлы семинарларда қатнасып, оқыў курсларында билимлерин арттырды.
Үйинде наўқан қуртын бағыў имканияты болмаған ҳаял-қызлар аўыл пуқаралар жыйыны аймақларындағы бос турған имаратлардан үнемли пайдаланып, пиллешилик пенен шуғылланбақта. Бул арқалы ҳаял-қызлар бәнтлик бағдарламасында дизимнен өтип, 1 ай даўамында пилле наўқан қуртларын бағыйды. Нәтийжеде ҳаял-қызларға 1 жыллық мийнет стажы жазылады.






