Райондағы қурылыс жумыслары үйренилди
2025-05-19 13:45:00 / Министрлик

Бүгин район ҳәкими Камилжан Айтбаев ҳәм район прокуроры Азат Қыпшақбаев пенен биргеликте райондағы қурылыс тараўында исленип атырған жумыслар менен танысты. Дәслеп "Қусшылық" мәҳәллесиндеги 120 орынлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң қурылыс жумыслары менен танысты. Бул имарат ҳүрметли Президентимиздиң 2021-жыл 18-сентябрьдеги "Ислам раўажланыў банки" ҳәм ОПЕК халықаралық раўажланыў фонды қатнасыўында "Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў" жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-5246-санлы қарары тийкарында әмелге асырылмақта.
Буннан соң, "Найманкөл" мәҳәллесинде жойбар көлеми 3 млрд 419 млн сумлық Халық ҳәм жәмиечилик тәрепинен басқарылатуғын мәҳәлле комплекси имаратының қурылыс жумысларының жуўмақлаўшы басқышын көзден өткерди.
Кейинги мәнзил узынлығы 37,2 км болған "Кенегес" каналында алып барылып атырған бетонлаў жумыслары болды. Бул жерде бетонлаў жумысларының 1-басқышы әмелге асырылмақта.





