Жаслар айлығы
2025-06-28 13:35:00 / Jańalıqlar

Бүгин "Жаслар айлығы" шеңберинде Мәденият аўыл жаслары ушын спорттың – Стол теннис, Қол гүреси ҳәм Шахмат-шашка түрлеринен "Прокурор кубогы" жарыслары шөлкемлестирилп, жарысқа қатнасқан жаслар мәдений дем алыў менен бирге, спорт жарысларына белсене қатнасты.
Жарыстың ашылыў мәресимине район ҳәкими А. Баймуратов, районы прокуроры Б. Аберкуловлар жасларды байрам менен қутлықлап жарысты ашып берди.
Өткерилген спорт жарысларында жеңимпаз болғанлар район прокуроры тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

