9-май - Еслеў ҳәм қәдирлеў күни
2025-05-08 10:30:00 / Министрлик
ЕСЛЕЎ-МУҚАДДЕС, ҚӘДИРЛЕЎ-ӘЗИЗ.

Бүгин районда 9-май–Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәмде Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 80 жыллығы мүнәсибети менен райондағы «Ҳәсиретли ана» естелиги майданында байрам илажы болды.
Иләжда, район ҳәкими Б.Султанов жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, урыс майданларынан қайтпаған, усы тыныш заман күнлерге жетип келе алмаған әзиз инсанларды яд етип, олардың бүгинги күн ушын мийнетлерин жоқары баҳалады.
Мийнет фронты артында қатнасқанларға ғамқорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтип, жер жүзилик урыста қурбан болғанлардың естеликлерине кең жәмийетшилик ўәкиллери гүлшеңберлер қойды ҳәм ҳүрмет көрсетилди.





