Тийкарғы контентга өтиў

Географиялық жайласыўы

θзбекистан Орайлық Азияда жайласқан болып, аймақтағы басқа мәмлекетлер арасында жүдә қолайлы тәбийий-географиялық шараятларға ийе. Mәмлекет аймағы өзине тән пәс-тегислик ҳәм таў рельефин өз ишине алады.

θзбекистан аймағының үлкен бөлимин (4/5 бөлими әтирапында) пәс-тегисликлер қурайды. Солардан ең тийкарғысы Туран пәс тегислиги болып табылады.

Mәмлекеттиң шығысы ҳәм арқа шығысында Тянь-Шань ҳәм Памир таў'' (мәмлекеттиң ең жоқары ноқаты (4643m) дизбеклери жайласқан. Θзбекистан аймағының орайында дүньяның паянсыз шөлллериниң бири — Қызылқум дастанып жатыр.

Республика аймағының 1/5 бөлимин таў ҳәм таў алды аймақлары қурайды. Шығыс аймағы орта ҳәм бийик таўлы рельефтен ибарат. Mәмлекет аймағы Батыс Тянь-Шань(Угам, Пскем, Шатқал ҳәм Қурама таў дизбеги) ҳәм Памир-Алай (Зарафшан, Түркистан, Гисар,Қошитантаў''ҳәм Байсын таў дизбеги) таў дизбеклери жанбаўырлары өз ишине алады. Қубладан батыс тәрепке олар қыялап барады ҳәм пәс-тегисликке қосылып кетеди. Усы таўлар арасында үлкен Қашқадәрья, Сурхандәрья, Зарафшан ҳәм Самарқанд тегисликлери дастанып жатады. Булардың ең үлкени есапланған Ферғана ойпаты -узынлығы 370 км, кеңлиги 190кмге жетеди. Ол үш тәрептен бийик таў менен қоршалған тек ғана батыс тәрепи тегислик болып табылады. Аўғанстан менен шегара аймақта Әмиўдәрья дельтасы жайылып жатыр.

1281

Ақырғы жаңаланыў: 2023-11-15 16:41:52